Өткен шийшемби күни Әмиўдәрья районы ҳәкимлигинде Қарақалпақстан Республикасы Жоқарғы Кеңесиниң Баслығы М.Ерниязов басшылығында көпшели қабыллаў болды.

Илажға министрликлер менен ведомстволардың, ҳуқық қорғаў уйымлары, кәрхана ҳәм мәкемелер басшылары, район ҳәкимлигиниң жетекши қәнигелери, жәмийетлик шөлкемлердиң, ғалаба хабар қуралларының ўәкиллери қатнасты.

Илажда атап өтилгениндей, ҳүрметли Президентимиздиң басшылығында елимизде әмелге асырылып атырған кең көлемли реформалар биринши гезекте инсан ҳәм оның ҳуқықый мәплерин қорғаўға хызмет етеди. Быйылғы «Халық пенен пикирлесиў ҳәм инсан мәплери жылы»нда физикалық ҳәм юридикалық шахслардың мүрәжатлары менен ислесиў түп-тийкарынан жетилистирилди. Барлық дәрежедеги басшылардың халық пенен жүзбе-жүз ушырасыўлары, көшпели қабыллаўлар  шөлкемлестирилмекте. Бул машқалалар ҳәр тәреплеме үйренилип, орынларда шешимин таппақта.

Усы күни республикамыз басшысы тәрепинен жигирмаға жақын пуқаралар қабыл етилип, олардың мәражаты тараў қәнигелери тәрепинен үйренип шығылды.

-1979-жылы туўылған иним Марат Жексенбаев бир неше жыллардан бери төсек тартып жатып, майыплық арбашасына мүтәж еди,-дейди райондағы «Қыпшақ» аўыл пуқаралар жыйынының турғыны Қуўандық Жексенбаев.- Тийисли орынларға мүрәжат етсем де, машқала шешимин таппай киятырған еди. Бүгинги қабыллаўда мүрәжатым тыңланып, майыплық арбашасы тапсырылды. Буның ушын Президентимизге, республикамыз басшыларына миннетдаршылық билдиремен.

Илажда халықтың аўырын жеңил етиў, турмыс шараятларын жақсылаў бойынша усыныслар билдирилип, мәпдар министрлик менен шөлкемлерге тийисли тапсырмалар берилди. Усы күни қыс мәўсиминде халықты суйылтылған газ ҳәм көмир менен үзликсиз тәмийинлеў, тәбийғый газ, электр энергиясын өлшеў әспабларын районның өзинде мәмлекетлик тексериўден өткериў, электр энергиясы менен тәмийинлеўде үзилислердиң алдын алыў сыяқлы бир қатар машқалалар унамлы шешимин табатуғын болды.

Көшпели қабыллаўға Өзбекистан Республикасы Президентиниң Қарақалпақстан Республикасындағы Халық қабыллаўханасының баслығы Ҳ.Халимов, район ҳәкими С.Йўлдашев қатнасты.

Д.АБИБУЛЛАЕВ,

Қарақалпақстан хабар агентлигиниң хабаршысы.