Илимпазлар смартфонды өзге затлар менен араластырмай бөлек услаған мақул екенлигин айтпақта.
Мәселен, Г.В.Плеханов атындағы Россия экономикалық университетиниң доценти Александр Тимофеевтиң мәлим етиўинше, еки телефонды бир жерге, бир-бириниң үстине қойыўға болмайды. Өйткени, еки смартфоннан шыққан радиотолқын үлкейип, оның жанында отырған адамларға қәўип пайда етиўи мүмкин.
Сондай-ақ, уялы телефонның қасына банк картасын қойыў, қабына салып бирге алып жүриў де надурыс. Уялы телефоннан тарқалған радионурлар банк картасының жумысына, сақланыў мүддетине зыян жеткериўи мүмкин екен.
– Телефонды косметикалық затлар менен сумкаға салыўға да болмайды. Өйткени, косметикалық затлар сыртындағы магнитлер толқын менен байланысты бузып, телефон жумысына кесент етеди. Ал радионурлар сиңген косметика адам организми ҳәм оның терисин зыянлаўы мүмкин, – деп айтып өткен илимпаз.
Сондай-ақ, илимпаздың айтыўынша, сымсыз қулақлықлардан (наушник) шыққан электромагнитлик толқын адам мийине тәсир етиўи мүмкин. Сонлықтан, оны пайдаланбаған мақул.
Ислам Матеков,
Қарақалпақстан хабар агентлиги.