Өзбекстан Республикасы Президентиниң

қарары

Республикаа балықшылық тармағын қоллап-қуўатлаў, балықшылық ҳәм балық аўлаў хожалықлары жумысының нәтийжелилигин арттырыў, усы тараўда жер ҳәм суў ресурсларынан ақылға уғрас ҳәм нәтийжели пайдаланыў және интенсив технологиялардың кеңнен енгизилиўин тәмийинлеў мақсетинде:

  1. 1. 2020-жылдан баслап жасалма суў бассейнлеринде балық жетистиретуғын балықшылық хожалықларына суў ресурсларынан пайдаланғаны ушын салық суў объектинен алынған ҳәм қайтарып шығарылған суў көлеми арасындағы парқынан келип шығып, аўыл хожалығыниң жерлерин суўғарыў ушын белгиленген ставкаларда есапланатуғынлығы;

коллектор-дренаж суўларынан алып пайдаланылған суў ресурслары салық салыў объекти есапланбайтуғынлығы;

балықшылық хожалықлары ҳәм аўыл хожалығы кәрханаларына суў ресурсларынан пайдаланғаны ушын салықты есаплаў ушын пайдаланған суўдың көлеми ҳақыйқаттан да пайдаланған көлемнен келип шыққан ҳалда Суў хожалығы министрлиги қурамына киретуғын шөлкемлер тәрепинен анықланатуғынлығы;

балықшылық хожалықлары ҳәм аўыл хожалығы кәрханалары тәрепинен пайдаланылған суўдың ҳақыйқаттан да пайдаланған көлемин анықлаў имканияты болмағанда ,  суў ресурсларында пайдаланғаны ушын салық базасы белгиленген суўды пайдаланыў нормативлериниң 50 процент муғдарында белгиленетуғынлығы;

Суў хожалығы министрлиги тәрепинен  ҳәр жылы суў лимитлери белгиленип атырғанда балықшылық хожалықлары пайдаланыўы мүмкин болған коллектор-дренаж тармақларының дизими қәлиплестириледи және Суў хожалығы министрлигиниң веб-сайтында жайластырып барылатуғынлығы;

балықшылық хожалықлары пайдаланыўы мүмкин болған коллектор – дренаж тармақларындағы суўлардан коллектор-дренаж тармақларының жойбарлық параметрлерине әмел еткен ҳалда пайдаланатғынлығы белгилеп қойылсын.

  1. 2. Суў хожалығы министрлиги:

пайдаланыў мүмкин болған коллектор-дренаж тармақлары, ондағы суўлардың шорланыў дәрежеси ҳәм сапасын турақлы қадағалаў ҳәм бул ҳаққындағы  малыўматларды өзиниң рәсмий веб-сайтында көрсетип барылыўын;

жасалма суў бассейнлеринде балық жетистиретуғын балықшылық хожалықлары ушын суў алыў лимитлери дәреклериниң шамаланған ҳәм ҳақықый  суўлылығы, сондай-ақ, балықшылық хожалықларының суўдың тутыныў режелерин есапқа алған ҳалда белгилениўин;

жасалма суў бассейнлеринде балық жетистиретуғын балықшылық хожалықлары, суў жеткерип бериўши тийисли шөлкемлер ҳәм «Өзбекбалықсанаат» ассоциациясы менен биргеликте ҳәр жылы 15-январьдан кешикпеген мүддетте белгиленген тәртипте үш тәреплеме шәртнама дүзилиўин тәмийинлесин.

  1. 3. Өзбекстан Республикасы Бас министриниң аграр ҳәм азық-аўқат тараўларын раўажландырыў мәселелери бойынша орынбасары Ў.И.Барноев Қарақалпақстан Республикасы Министрлер Кеңесиниң баслығы ҳәм ўәлаятлардың ҳәкимлери, Ветеринария ҳәм шарўашылықты раўажландырыў мәмлекетлик комитети, Суў хожалығы министрлиги және «Өзбекбалықсанаат» ассоциациясы менен биргеликте еки ай мүддетте коллектор-дренаж тармақларының әтирапында санитариялық-қорғаныў зоналарына әмел еткен ҳалда 2021-жылда мөлшерленген балықшылық жойбарларын қәлиплестирсин ҳәм олардың әмелге асырылыўын тәмийинлесин.
  2. 4. Суў хожылығы министрлиги, Қарақалпақстан Республикасы Министрлер Кеңеси, ўәлаятлар ҳәм районлардың ҳәкимликлери өз аймағында жайласқан аўыл хожалығы қәрханаларының суўдың тутыныў режелерин ислеп шығыўда жасалма суў бассейнлеринде балық жетистиретуғын балықшылық хожалықларының суўға болған талабын дәреклердиң кесиминде (дәрья, канал, коллектор-дренаж тармақлары, сай, булақ ҳәм басқалар) есабына алыныўын тәмийинлесин.
  3. 5. Суў хожылығы министрлиги Аўыл хожалығы министрлиги ҳәм «Өзбекбалықсанаат» ассоциациясы менен биргеликте:

үш ай мүддетте жасалма суў бассейнлеринде балық жетистириў ушын талап етилетуғын суў көлеминиң нормаларын ислеп шығыў, тастыйықлаў ушын Министрлер Кабинетине киргизсин;

2021-2022-жылларда суў жетимпеўшилиги шараятында дәрья ҳәм каналлардан суў алатуғын балықшылық хожалықлары тәрепинен жасалма суў бассейнлеринде басқышпа-басқыш жаңа ресурс үнемлеўши интенсивлик технологиялардан ҳәм екилемши суў дәреклеринен кеңнен пайдаланыў әмелиятын енгизсин.

  1. 6. Ветеринария ҳәм шарўашылықты раўажландырыў мәмлекетлик комитети ҳәм Инновациялық раўажланыў министрлиги еки ай мүддетте Балықшылық илимий-изертлеў институның Ташкент ўәлаятында тәбийғый ҳәм жасалма суўбассейинлериниң гидробиологиялық ҳәм гидрохимиялық қурамын, от-жем сапасын таллаў және балық кеселликлерине диагноз қойыў лаборатоиясын шөлкемлестириўге қаратылған илажлардың бағдарламасын Министрлер Кабинетине киргизсин.

Онда:

Кадрларды таярлаў ҳәм олардың маманлығын арттырыў, оларда заманагөй лаборатория үскенелеринен пайдаланыў бойынша билим ҳәм көникпелерин қәлиплестириў ушын сырт ел стажировкаларын шөлкемлестириў;

Лаборатоияларды комплектлеў ушын үскенелер, комплектлеўши бөлеклер, реагент ҳәм реактивлардың дизимге муўапық сатып алыўларын әмелге асырыў;

Балықшылық тараўында өткерилген илимий-изертлеў жумысларын хатлаўдан өткериў ҳәм илимий қолланбаларды коммерцияластырыў;

Лабораторияларды шөлкемлестириў, сақлаў ҳәм хызметкерлерге ис ҳақы төлеў менен байланыслы  қәрежетлерин қаржыландырыў бойынша зәрүр илажлар нәзерде тутылсын.

  1. 7. Экология ҳәм қоршаған-орталықты қорғаў мәмлекетлик комитети Мәдимлеме технологиялары ҳәм коммуникацияларын раўажландырыў министрлиги, Инновациялық раўажланыў министрлиги ҳәм «Өзбекбалықсанаат» ассоциациясы менен биргеликте 2022-жыл 1-январьға шекем Өзбекстан Республикасы тәбийғый суў сақлағышларының ихтиофаунасы ҳәм суў биоресурсларының бирден-бир мағлыўматлардың банкин (кейинги орынларда – мағлыўматлар банки) шөлкемлестирилсин.

Инновациялық раўажланыў министрлиги Экология  ҳәм қоршаған орталықты қорғаў мәмлекетлик комиети ҳәм «Өзбекбалықсанаат» ассоциациясының мағлыўматлар банкинен пайдаланыў бойынша мүтәжликлерине муўапық қаржыландырылатуғын илимий жойбарлар таңлаўының өткерилиўин тәмийинлесин.

  1. 8. Экономикалық раўажланыў ҳәм кәмбағаллықты қысқартыў министрлиги мәпдар министрлик ҳәм уйымлар менен биргеликте тастыйқланған жойбар-смета ҳүжжетлерине тийкарланып Балықшылық илимий-изертлеў институның материаллық-техникалық базасын беккемлеў, инновациялық мәлимлеме-ресурс ханалары, балықшылықта селекция ҳәм нәсилшилик, балықлардың тәбийғый ҳәм жасалма азық-ақат сапасын таллаўға кәнигелестирилген лабораторияларын қурыў жойбарларын Өзбекстан Республикасының 2021-2023-жылларға мөлшерленген Инвестиция бағдарламасына белгиленген тәртипте киргизилиўин тәмийинлесин.
  2. 9. Ветеринария ҳәм шарўашылықты раўажландырыў мәмлекетлик комитети, «Өзбекбалықсанаат» ассоциациясы ҳәм «Ипотека банк» АТИБтың төмендегилерди нәзерде тутыўшы усынысларына разылық берилсин:

ири балықшылық кластерлеринде балықларды инкубация етиў, жабық суў айланба системасында, қәпеслер, бетон бассейнлер ҳәм топырақ бассейнлеринде интенсив усылда балық шабақлары ҳәм товар балық жетистириў бойынша хожалықларының басшылары ҳәм қәнигелерди оқытыў мақсетинде пуллы тийкарда оқыў курсларын шөлкемлестириў;

балықшылыққа оқытыў бойынша таяныш аудиториялар, көргизбели балықханаларды шөлкемлестириў, шәртнама тийкарында бул бағдардағы кластерлер, фермер хожалықларының хызметкерлери, сондай-ақ,  интенсив усылда балық жетистирип атырған халықты оқытыўды жолға қойыў.

Жасаў үйлеринде интенсив усылда балық жетистириў жойбарларын әмелге асырыў ушын бағдарламалар шеңберинде ажыратылатуғын кредитлер тийкарғы түрде балықшылыққа оқытыў бойынша курслардың тийисли сертификатына ийе болған пуқараларға ажыратылатуғынлығы белгиленсин.

  1. 10. «Ипотека -банк» АТИБтың «Ипотека Инвестициясы» ЖШЖ устав фондындағы үлеси «Өзбекбалықсанаат» ассоциациясына өткерилгени және усы жәмийет тәрепинен төмендеги ўазыйпалардың әмелге асырылыўы мағлыўмат ушын қабыл етилсин:

балықшылық тараўында жойбарлық қаржыландырыўды әмелге асырыў, сондай-ақ, жаңа жойбарларды ислеп шығыў, бар жойбарлар (хожалықлар)дың нәтийжелилигин арттырыў, оларды қаржыландырыў, лизинг хызметлерин көрсетиў, зәрүр жағдайларда, жойбар-смета ҳүжжетлерин, техникалық-экономикалық тийкарларын ислеп шығыўда сырт ел экспертлерин тартыў;

интенсив ҳәм ярым интенсив усылда балық жетистириў, балық өнимлерин қайта ислеў, таяр ҳәм ярым таяр балық өнимлерин ҳәм жәҳән стандартлары тийкарында белокқа бай азық-аўқат ислеп шығарыў бойынша жаңа жойбарларды иске қосыў;

балық шабақларын жетистириў ҳәм көбейтиў бойынша заманагөй нәсилшилик кәрханаларын шөлкемлестириў.

  1. 11. Ташкент ўәлаяты ҳәкимлиги, Мәмлекетлик активлерди басқарыў агентлиги және Инвестициялар ҳәм сыртқы саўда министрлигиниң Ташкент ўәлаяты Чиноз районындағы «Чиноз дийқан базары» ЖШЖның «Янги Чиноз балық базары» филиалының имарат-объектлерин тийисли аймағы менен бирге (кейинги орынларда – объект), кейин ала оның тийкарында балық ҳәм балық өнимлери саўдасын шөлкемлестириўге арналған заманагөй саўда комплексин шөлкемлестириў ушын «Чиноз дийқан базары» ЖШЖның устав капиталындағы мәмлекетлик үлесин (оған сәйкес келетуғын сап активлериниң баҳасын объекттиң баланс (қалдық) баҳасы муғдарында) кемейтиў есабынан Мәмлекетлик активлерди басқарыў агентлигине бериў ҳаққындағы усынысына келисим берилсин.

Мәмлекетлик активлерди басқарыў агентлиги:

Жигирма күн мүддетте Ташкент ўәлаяты ҳәкимлиги менен биргеликте объекттиң тапсырылыўы-қабылланыўын;

Бир ай мүддетте объект тийкарында санитариялық-эпидемиологиялық талапларға жуўап беретуғын балық ҳәм балық өнимлериниң саўдасын шөлкемлестириў, таяр ҳәм ярым таяр өнимлерди сақлаў ушын музлатқыш үскенелерин қурыў бойынша минимал инвестициялық миннетлемелерди, соның ишинде, жаратылатуғын жумыс орынларының саны бойынша усыныслар ислеп шығылыўын ҳәм тастыйықлаў ушын аймақлық таңлаў комиссиясына киргизилиўин;

Еки ай мүддетте объекттиң инвестициялық ҳәм социаллық миннетлемелери менен ғалабалық саўдаларға базар баҳасы бойынша сатыўға орналастырылыўын тәмийинлесин. Бунда, объект ғалабалық саўдаларға қойылған күннен баслап үш ай даўамында сатылмаған жағдайда төлемлерди 5 жылға шекемги мүддетке тең үлеслерде бөлип-бөлип төлеў имканияты менен базар баҳасы бойынша сатылыўы нәзерде тутылсын.

  1. 12. Ветеринария ҳәм шарўашылықты раўажландырыў мәмлекетлик комитети, Экономикалық раўажланыў ҳәм кәмбағаллықты қысқартыў министрлиги, «Өзбекбалықсанаат» ассоциациясы балықшылыққа қәнигелескен районларда 10 данадан халықтың жасаў үйлерде интенсив усылда балық жетистириў жойбарларын әмелге асырыў илажларын көрсин.

Ветеринария ҳәм шарўашылықты раўажландырыў мәмлекетлик комитети «Өзбекбалықсанаат» ассоциациясы менен биргеликте бир ай мүддетте сырт ел тәжирийбеси ҳәм ресурс үнемлеўши инновациялық технологиялар енгизилиўин нәзерде тутқан ҳалда халық жасайтуғын үйлерде интенсив усылда балық жетистириў ушын қолланба (балықтың түри, сапасы, жетистириў схемасы, ресурс үнемлеўши технологиялар) ислеп шықсын.

  1. 13. Қарақалпақстан Республикасы Министрлер Кеңеси, ўәлаят ҳәкимликлери, аймақлық «Чорванасл» орайлары ҳәм «Өзбекбалықсанаат» ассоциациясы:

Бир ай мүддетте сектор басшылары менен биргеликте аймақлардағы халық арасында интенсив усылда балық жетистириўдиң пайдалы тәреплери және нәтийжелери ҳаққында үгит-нәсият жумысларын ҳәм оқыў семинарларын шөлкемлестириў бойынша «Ис реже» ислеп шықсын;

Халық жасайтуғын үйлерде интенсив усылда балық жетистириў нийетинде болған талабанлардың дизимин қәлиплестирип, оларға коммерциялық банклер арқалы кредит қаржыларын алыўда әмелий жәрдем берсин;

Балық жетистириўди тәмийинлеў бойынша зәрүр илажларды өз ўақтында әмелге асырыў бойынша илажларды белгилесин.

Суў хожалығы министрлиги ҳәм Энергетика министрлиги халық жасайтуғын үйлерде интенсив усылда балық жетистириўшилерге суў ҳәм электр энергеиясының үзликсиз жетип барыўын тәмийинлесин.

  1. 14. Ветеринария ҳәм шарўашылықты раўажландырыў мәмлекетлик комитети «Өзбекбалықсанаат» ассоциациясы менен биргеликте халық жасайтуғын үйлерде интенсив усылда балық жетистириў нәтийжелери бойынша тийкарланған усынысларды 2021-жыл 1-сентябрьге шекем Министрлер Кабинетине киргизсин.
  2. 15. Өзбекстан Республикасы Президентиниң ҳәм Өзбекстан Республикасы Ҳүкиметиниң айрым ҳүжжетлерине қосымшаға муўапық өзгерис ҳәм қосымша киргизилсин.
  3. 16. Усы қарардың орынланыўын тәмийинлеў мақсетинде:

а) суў хожалығы министри Ш.Хамроев:

балықшылық хожалықлары менен суўдан падаланыў бойынша шәртнама дүзилиўи ҳәм оларға белгиленген суў муғдары кепилликли жеткерип берилиўин, сондай-ақ, олар тәрепинен ҳақыйқатта пайдаланылған суўдың көлемин анықланыўын;

балықшылық хожалықлары тәрепинен пайдаланыў мүмкин болған коллектор-дренаж тармақлар дизиминиң ҳәр жылы қәлиплестирилиўин, сондай-ақ, олар ҳаққындағы мағлыўматлар министрликтиң веб-сайтында жайластырылып барылыўын;

Аўыл хожалығы министрлиги ҳәм «Өзбекбалықсанаат» ассоциациясы менен биргеликте балықшылық хожалықлары тәрепинен жасалма суў бассейнлеринде ресурс үнемлеўши технологиялар ҳәм екилемши суў дәреклеринен кеңнен пайдаланыў әмелияты енгизилиўин тәмийинлесин;

б) Ветеринария ҳәм шарўашылықты раўажландырыў мәмлекетлик комитетиниң баслығы Б.Норқобилов – халықтың үйлеринде интенсив усылда балық жетистириў жойбарларын әмелге асырыў және олардың көникпелерин және де раўажландырыў мақсетинде қолланбалар ислеп шығылыўын тәмийинлесин;

в) Ташкент ўәлаятының ҳәкими Р.Холматов ҳәм Мәмлекетлик активлерди басқарыў  агентлигиниң директоры С.Бекенов – «Чиноз дийқан базары» ЖШЖ негизинде потенциаллы инвесторларды тартқан ҳалда балық өнилериниң саўдасын шөлкемлестириўге мөлшерленген заманагөй саўда комплексин шөлкемлестирсин;

г) Қарақалпақстан Республикасы Министрлер Кеңесиниң баслығы ҳәм ўәлаятлардың ҳәкимлери – коллектор-дренаж суў тармақларының әтирапында санитариялық-қорғаныў зоналарына әмел еткен ҳалда балықшылық жойбарларын әмелге асырыў илажларын көрсин.

  1. 17. Усы қарардың орынланыўын қадағалаў Өбекстан Републикасының Бас министри А.Н.Ариповқа жүкленсин.

Усы қарардың нәтийжелилиги ҳаққында 2020-жыл 1-декабрьге шекем ҳәм 2021-жылдың ҳәр шерегиниң жуўмағы бойынша Өзбекстан Республикасы Президентине мәлимлеме бериосин.

Өзбекстан Республикасы

Президенти                      Ш.Мирзиёев

Ташкент қаласы

2020-жыл, 29-август