18-ноябрь-Өзбекстан Республикасы мәмлекетлик байрағы қабылланғанының 33 жыллық байрамы мүнәсибети менен Ташкент Гуманитар илимлер университетиниң Қарақалпақстан филиалында «Миллет байрағы» сүрени менен руўхый-ағартыўшылық илаж болып өтти.
Илажға депутатлар, район белсендилери, филиалдың профессор-оқытыўшылары ҳәм студент-жаслар қатнасты.
Онда Республика Руўхыйлық ҳәм ағартыўшылық орайы Төрткүл районлық бөлими баслығы, Қарақалпақстан Республикасы Жоқарғы Кеңесиниң депутаты Ж.Сеттиев, Дин ислери бойынша комитеттиң Төрткүл районы бойынша қәнигеси Қ.Аманбаев ҳәм Өзбекстан ҳәм Қарақалпақстан Жазыўшылар аўқамы ағзасы шайыр М.Юсуповалар шығып сөйлеп, Өзбекстан Республикасы мәмлекетлик байрағы менен байланыслы тарийхый ўақыялар, ондағы сәўлеленген символикалық белгилер ҳаққында мақтаныш пенен айтып өтти ҳәм студентлердиң қызықтырыған сораўларына жуўаплар берди.
Илажда руўхый-ағартыўшылық жумысларда көрсеткен белесендилиги ушын филиал оқытыўшысы Ахмаджан Нуруллаевқа Республика Руўхыйлық ҳәм ағартыўшылық орайы Төрткүл районлық бөлиминиң Миннетдаршылық хаты тапсырылды.
Бундай байрам илажлары район бойлап еле даўам етпекте.
Адилбай Оразов,
Қарақалпақстан хабар агентлиги шолыўшысы