Президент партиялар сайлаў кампаниясы даўамында илгери сүрген ҳәм халқымыз қоллап-қуўатлаған ҳәр бир усыныс әлбетте көрип шығылыўы ҳәм әмелге асырылыўын атап өтти.
Исбилерменлер ҳәрекети – Өзбекстан Либерал-демократиялық партиясының жек меншик қол қатылмаслығын күшейтиў, исбилерменлик орталығын жақсылаў ҳаққындағы усыныслары қоллап-қуўатланды.
Президентимиз «Миллий тикланиш» демократиялық партиясының мектеплерде муғаллимлерди таңлаў тийкарында жумысқа қабыллаў, перзентлеримизди миллий қәдириятларымыз руўхында тәрбиялаў, оларға ана тили ҳәм шет тиллерин үйретиў ушын және де кең шараятлар жаратыўға тийисли усынысларына қосылды.
Өзбекстан Халық-демократиялық партиясының майыплығы болған шахслар ушын шараятларды және де жақсылаў, халқымыздың пенсияға шығыўдағы кепилликли ҳуқықларын және де беккемлеў бойынша басламаларын қоллап-қуўатлады.
«Адолат» социал-демократиялық партиясының дем алыў бағлары, сейил етиў орынлары, қыябанларды меншиклестириўди қадаған етиў бойынша позициясы, дәрилер бойынша бақлаўды күшейтиў, баҳалар жасалма артыўының алдын алыў, рецептсиз дәрилер дизимин қысқартыў бойынша умтылысларын мақуллады.
Экологиялық партияның мәмлекетлик уйымлары ҳәм кәрханалар аймағында жасыл бағлар шөлкемлестириў, экологиялық мәдениятты жетилистириў бойынша бағдарлама қабыл етиў ҳаққындағы усыныслары қоллап-қуўатланды.
ӨзА