Президент Шавкат Мирзиёев Олий Мажлис Нызамшылық палатасының сайлаўдан кейинги биринши мәжилисинде шығып сөйлемекте.
Орайлық сайлаў комиссиясыныӊ жумысы сезилерли күшейгени, профессионал сайлаў уйымлары шөлкемлестирилгени сайлаўлардыӊ әдалатлы түрде өтиўинде әҳмийетли роль ойнайды.
Президентимиз сайлаўлар нызамшылық талаплары ҳәм халықаралық стандартларға толық сәйкес ҳалда өтиўин тәмийинлеген барлық дәрежедеги сайлаў комиссиялары, атап айтқанда, Орайлық сайлаў комиссиясына айырықша миннетдаршылық билдирди.
Сайлаўлар нәтийжесинде Нызамшылық палатасы қурамы дерлик 60 процентке жаӊаланып, 87 жаӊа депутат сайланды.
Депутатлардыӊ 11и 35 жасқа шекем, дәслепки мәрте жаслар парламентиниӊ 2 ўәкили Нызамшылық палатасы депутаты етип сайланды. Әсиресе, депутатлардыӊ 38 процентин ҳаял-қызлар қурағаны региондағы еӊ жоқары көрсеткиш болып есапланады.
Тарийхымызда дәслепки мәрте майыплығы болған пуқарамыз Нызамшылық палатасы депутаты етип сайланды. Бул – парламентимизди шын мәнисинде инклюзив органға айландырыў, бул қатлам мәплерин және де кеӊнен аӊлатыў жолында гезектеги әҳмийетли қәдем болғаны атап көрсетилди.
Жаӊа қурамда 63 депутат қайта сайланғаны болса парламент жумысында ажыралмас ҳәм профессионализмди тәмийинлеўге хызмет етиўи атап өтилди.
ӨзА