Усы жыл 29-август күни  Халық депутатлары Шоманай районлық Кеңесиниң он биринши сессиясы болып өтти. Сессияны Кеңес баслығы – район ҳәкими Б.Янгибаев басқарып барды.

Сессияда, халықтың жәрдемге мүтәж қатламын қоллап-қуўатлаў («Темир дәптер»), исбилерменликти раўажландырыў, бюджет дәраматларын арттырыў ҳәм сырт еллерде мийнет еткен жумыссыз пуқараларды жумысқа орналастырыў бойынша әмелге асырылып атырған жумыслар додаланды.

Сондай-ақ, Шоманай районы ҳәкимшилик суды тәрепинен 2020-жылдың биринши ярым жылында пуқаралардың ҳуқық ҳәм еркинликлери, сондай-ақ, мәкемелер, кәрханалар ҳәм шөлкемлердиң ҳуқықлары ҳәм мәплериниң суд жолы менен қорғалыўын әмелге асырыўға байланыслы жумыслары талқыланып, районда «2021-2023-жылларға мөлшерленген ишимлик суўы тәмийнаты ҳәм канализация системасын комплексли раўажландырыў бағдарламасы»на усынылған жойбарлар көрип шығылды.

Күн тәртибиндеги мәселелер бойынша район ҳәкиминиң биринши орынбасары А.Калжанов, район ҳәкиминиң орынбасары – Мәҳәлле ҳәм шаңарақты қоллап-қуўатлаў бөлиминиң баслығы Д.Ибадуллаева, районлық Бәнтликке көмеклесиў орайының директоры Р.Галиакберов ҳәм Шоманай районы ҳәкимшилик суды баслығы А.Кощановлардың баянатлары тыңланды.

Сессия күн тәртибиндеги усы ҳәм басқа да мәселелер бойынша районлық Кеңес депутатлары тәрепинен усыныслар билдирилип, тийисли қарарлар қабыл етилди.

 

Қарақалпақстан хабар агентлиги