Халық депутатлары Нөкис районлық Кеңесиниң оныншы сессиясы болып өтти.

Сессия жумысында Өзбекстан Республикасы Президенти тәрепинен усы жылдың 20-август күни өткерилген видеоселектор мәжилисинде белгиленген ўазыйпалардың орынланыўы бойынша район халқының жәрдемге мүтәж қатламын қоллап-қуўатлаў, исбилерменликти раўажландырыў, бюджет дәраматларын арттырыў ҳәм сырт еллерде мийнет еткен, ҳәзирги ўақытта жумыссыз пуқаралардың бәнтлигин тәмийинлеў мәселелери бойынша алып барылып атырған жумысларға айрықша тоқтап өтилди.

Сессияда екинши мәселе, районлық халық билимлендириў бөлиминиң карантин талапларының басқышпа-басқыш жумсартып барылыўы мүнәсибети менен 2020-2021-оқыў жылында улыўма орта билим бериў мектеплеринде дәстүрий оқыўды санитариялық талапларға қатаң әмел еткен ҳалда шөлкемлестириў туўралы Нөкис районлық халық билимлендириў бөлиминиң баслығы Т.Оразбаев, үшинши мәселе, аймақларда ишимлик суўы ҳәм канализация системаларын жақсылаў, сондай-ақ, гүзги-қысқы мәўсимге таярлық көриў жумыслары бойынша районлық суў тармақлары кәрханасының баслығы Е.Алламбергеновлардың баянаты тыңланды. Буннан кейин районлық ҳәкимшилик суды тәрепинен 2020-жылдың I ярым жыллығында әдил судлаўды әмелге асырыў, нызамшылықты беккемлеў бойынша әмелге асырылған жумыслар бойынша районлық ҳәкимшилик судының баслығы Қ.Қыпшақбаев баянат жасады.

Сессия жуўмағында барлық мәселелер бойынша тийисли қарарлар қабыл етилди.

Сессияға Өзбекстан Республикасы Олий Мажлиси Нызамшылық палатасы депутаты Л.Сейтова қатнасты.

 

Қарақалпақстан хабар агентлиги