Өзбекстан Республикасы Президентиниң

пәрманы

Елимиз ғәрезсизлигин беккемлеў, оның экономикалық қүдиретин жоқарылатыў, барлық тараўларда алып барылып атырған кең көлемли реформаларды табыслы әмелге асырыў бағдарындағы көп жыллық нәтийжели мийнети, халқымыз абаданлығын арттырыўға қосқан мүнәсип үлеси, халықаралық стандартларға сай өндирис қуўатлықларын қурыў, экономикалық тармақларды санластырыў, алдынғы инновациялық технологияларды әмелиятқа енгизиў, қолайлы инвестициялық орталықты жаратыў ҳәм экспорт потенциалын арттырыў, аймақлардың инфраструктурасын жетилистириў, қала ҳәм аўылларымыздың көринисин түп-тийкарынан өзгертиў жолындағы үлкен хызметлери, жәмийетимиздеги миллетлераралық дослық ҳәм татыўлықты беккемлеў, жас әўладты ана Ўатанға садықлық, миллий ҳәм улыўмаинсаныйлық қәдириятларға ҳүрмет руўхында тәрбиялаў жумысларындағы үлгили жумысы және жәмийетлик турмыстағы белсене қатнасы ушын төмендегилер ҳүрметли атақ, орден ҳәм медальлар менен сыйлықлансын:

Қарақалпақстан Республикасы бойынша:

«Өзбекстан Республикасында хызмет көрсеткен транспорт хызметкери» ҳүрметли атағы менен

Қаниязов Махсетбай Төребаевич – «Өзбекстан темир жоллары» акционерлик жәмийетиниң Қоңырат темир жол аралығы жол устасы

«Эл-юрт ҳурмати» ордени менен

Таджиев Амин Хамраевич – мийнет ветераны

«Фидокорона хизматлари учун» ордени менен

Наўбетова Алтынай – Шоманай районындағы гилем тоқыўшы өнермент

«Меҳнат шуҳрати» ордени менен

Султанов Айтбай Қойлыбаевич – Нөкис районындағы «Нөкис Еркин – қурылыс» жуўапкершилиги шекленген жәмийетиниң кепсерлеўшиси

Шымбергенов Мурат Әдилбаевич – Нөкис қаласындағы «Кардар ислеп шығарыў өнимлери» жуўапкершилиги шекленген жәмийетиниң басшысы

«Дўстлик» ордени менен

Абубакиров Махсетбай Кеңесбаевич – Мойнақ районындағы «Мәдели»

аўыл пуқаралар жыйынының баслығы

Салатдинов Бахыт Тажетдинович – Нөкис қаласындағы «Бахыт Миратдин – қурылыс» жуўапкершилиги шекленген жәмийетиниң баслығы

Тажетдинов Айбек Алтынбекович – Қарақалпақстан Республикасы Министрлер Кеңеси баслығының финанс-экономика ҳәм кәмбағаллықты қысқартыў мәселелери бойынша биринши орынбасары – экономикалық раўажланыўы ҳәм кәмбағаллықты қысқартыў министри

«Содиқ хизматлари учун» медалы менен

Адилов Жамбыл Агитаевич – Тахтакөпир районының ҳәкими

Жақсымуратов Шәряр Дуйсенбаевич – Қарақалпақстан Республикасы Суў хожалығы министрлигиниң ирригация системалары ҳәм гидротехникалық қурылмалардан пайдаланыў бөлиминиң баслығы

Сапарбаев Атабек Худайбергенович – Беруний районының ҳәкими

«Соғлом турмуш» медалы менен

Утениязов Қурбанбай Имангалиевич – Нөкис қаласындағы «Қурбанбай коммуналлық-сервис» жеке меншик турақ жай мүлк ийелери ширкетиниң баслығы

Ходжаметов Хожабай Сейтимбетович – Қарақалпақстан Республикасы Экология ҳәм қоршаған орталықты қорғаў комитети Бозатаў районы инспекциясының баслығы

«Келажак бунёдкори» медалы менен

Жолымбетова Сарбиназ Барлықбаевна – Өзбекстан Республикасы Жаслар ислери агентлигиниң Шымбай районы бөлими баслығының орынбасары, «Камалак» балалар шөлкеминиң баслығы

«Жасорат» медалы менен

Матмуратов Равшанбек Бахтиярович – Әмиўдәрья районындағы жеке қыйтақ жер ийеси

«Шухрат» медалы менен

(100 жастан асқанлар)

Беканова Қатша – Әмиўдәрья районы

«Шухрат» медалы менен

Алламова Муборак Розимовна – Беруний районындағы «Beruniy textile invest» жуўапкершилиги шекленген жәмийетиниң үскене операторы

Маткаримова Тажибике Алламбергеновна – Хожели районындағы «Жасыл тәбият био орайы» жуўапкершилиги шекленген жәмийетиниң баслығы

Якубов Мурат Авадович – «Өзбекнефтьгаз» акционерлик жәмийетиниң Үстирт газ қазып шығарыў басқармасының участка баслығы

Өзбекстан Республикасы

Президенти                                           Ш.МИРЗИЁЕВ

Ташкент қаласы,

2020-жыл 28-август