Ҳәр бир атқан таң бизди ең әзиз ҳәм улыўма миллий байрамелимиз ғәрезсизлигиниң 29 жыллығына жақынластырмақта. Быйылғы жылы бул байрамның коронавирус пандемиясы дәўирине туўра келиўине қарамастан, карантин илажлары қатаң сақланған ҳалда «Сенудирет дәреги, бахыт мәканы, жанажан Өзбекстанымсүрени астында таярлық көрилмекте

2017-2021-жылларда Өзбекстан Республикасын раўажландырыўдың бес тийкарғы бағдары бойынша Ҳәрекетлер стратегиясының қабыл етилиўи елимизде мәмлекетлик ҳәм жәмийетлик қурылыста, оны ҳәр тәреплеме  раўажландырыўда жаңа басқышты баслап берди. Бул әҳмийетли ҳүжжеттиң үшинши бағдары экономиканы раўажландырыў ҳәм либералластырыў болып табылады. Бул бағдарда өткен қысқа дәўир ишинде бир қатар унамлы жумыслар әмелге асырылды. Бунда «Халық бай болса, мәмлекет бай ҳәм қүдиретли болады», деген припцип илгери сүрилди.

Мысалларға тоқтап өтетуғын болсақ, елимиз 2017-жыл 5-сентябрьден баслап миллий валютаны толық еркин конвертация етиў системасына өтти. Бул бағдарда жүзеге келиўи мүмкин болған барлық унамсыз ақыбетлердиң алды алынды. Халықаралық финанс институтлары менен бирге ислесиў нәтийжели раўажланбақта. Атап айтқанда, Бирлескен Миллетлер Шөлкеми, Ислам бирге ислесиў шөлкеми, Шанхай бирге ислесиў шөлкеми ҳәм басқа да халықаралық шөлкемлер менен тығыз бирге ислеспекте. Әсиресе, Европа тиклениў ҳәм раўажланыў банки (ЕТРБ), Европа инвестиция банки, Жәҳән банки, Халықаралық валюта фонды, Азия раўажланыў банки, Ислам раўажланыў банки, Азия инфраструктуралық инвестициялар банки менен өз-ара шерикшилик байланыслары нәтийжели түс алмақта.

Ҳәрекетлер стратегиясы шеңберинде елимизде әмел асырылып атырған реформалар халқымыздың бүгинги күннен разы болып жасаўын, адамлардың күннен-күнге артып баратырған талабын тәмийинлеў, миллий экономиканың көлемин ҳәм көрсеткишлерин арттырыў мақсетин гөзлейди. Коммерциялық банклер халықты исбилерменликке үйретиў ҳәм соған тартыў бағдарында жумыс алып бармақта. Бул ушын банк ўәкиллери бурынғыдай хызмет ханаларында отырмастан, үйме-үй жүрип, халыққа өз хызметлерин, соның ишинде жеңиллетилген кредитлерди усыныс етпекте.

-Тийкарғы Нызамымыз Конституциямыздың 36 ҳәм 53-статьяларында белгилеп қойылған «Ҳәр бир шахс мүлкдар болыўға ҳақылы» ҳәм «Жеке мүлк басқа мүлк формалары  сыяқлы қолқатылмас ҳәм мәмлекет қорғалыўында» деген нормаларды әмелде жүзеге шығарыў мақсетинде Өзбекстан Республикасы Президенти жанында  «Исбилерменлик субъектлериниң ҳуқықлары ҳәм нызамлы мәплерин қорғаў бойынша ўәкил институты енгизилди,-дейди Қарақалпақстан Республикасы Әдиллик министриниң орынбасары Элмурат Турсунов.-Елимизде түрли экономикалық қәўиплерге қарсы илажлар, бул бағдардағы реформаларды әмелге асырыў, модернизация ҳәм диверсификация процесслерин буннан былай да жеделлестириў нәтийжесинде турақлы экономикалық көрсеткишлер сақланып қалынбақта.

Өзбекстан Республикасы Президенти Шавкат Мирзиёев усы жыл 27-июль күни болып өткен мәжилисте кейинги жыллары бизнеске қосымша қолайлықлар жаратыў арқалы жасырын экономиканың үлесин азайтыў илажлары көрилип атырғанлығын айрықша атап өтти. Деген менен бул бағдардағы жумыслар жетерли емес, сонлықтан да халықаралық шөлкемлердиң экспертлерин тартқан ҳалда, стратегия ислеп шығыў тапсырмасы берилди.

Мәмлекетимиз басшысы жасырын экономикаға қарсы гүресиўде абайлы болыў, экономикалық жеделликке зыян жеткерип қоймаў, бул ушын мәмлекетлик уйымлар, бизнес ҳәм жәмийетшилик пенен бирге ислесиў әҳмийетли екенин атап өтти. Соның менен бирге, салық реформаларын избе-из даўам еттирип, жасырын экономикаға жол қоймайтуғын «Инсаплы салық төлеўши» системасын қәлиплестириў бойынша көрсетпе берилди. Раўажланған сырт еллердиң тәжирийбелери ҳәм конституциямыздың талапларына муўапық Президентимиздиң басламасы менен өткен жылдың басында Өзбекстан Республикасы Олий Мажлис Нызамшылық палатасы ҳәм Сенатында Коррупцияға қарсы гүресиў бойынша комитет шөлкемлестирилди. Миллий экономикамызды жедел раўажландырыў, мәмлекетимиздиң инвестициялық имиджин арттырыў мақсетинде, салық сиясатына әҳмийетли өзгерислер енгизилмекте.

Күшли социаллық сиясат жүргизиў-ғәрезсизлик жылларында Өзбекстан Республикасының әҳмийетли бағдарларынан бири есапланады. Ҳәрекетлер стратегиясында халықтың бәнтлигин тәмийинлеў, олардың реал дәраматларын арттырыў, социаллық қорғаў, ҳаял-қызлардың жәмийет турмысындағы белсендилигин арттырыў, жаслар сиясатын жетилистириў бойынша бир қатар ўазыйпалар белгиленди ҳәм әмелге асырылмақта. Бул бағдарда быйылғы жылдың өзинде бир қатар нормативлик-ҳуқықый ҳүжжетлер қабыл етилди.

Атап айтқанда, Өзбекстан Республикасы Президентиниң усы жыл 8-июньдағы «Исбилерменлик жумысын ҳәм өзин-өзи бәнт етиўди мәмлекет тәрепинен тәртипке салыўды әпиўайыластырыў илажлары ҳаққында»ғы қарары менен өзин-өзи бәнт ететуғын шахслар шуғылланыўы мүмкин болған жумыс (хызмет, жумыс) түри 67 ке жетти. Буннан тысқары, халықтың қыйтақ жерлерден пайдаланыў нәтийжелилигин арттырыў, оларды қоллап-қуўатлаў ҳәм халық бәнтлигин тәмийинлеў бағдарындағы жумыслар өзиниң унамлы нәтийжесин бермекте. Әсиресе, Мәҳәлле ҳәм шаңарақты қоллап-қуўатлаў министрлигиниң шөлкемлестирилиўи, жәмийетте социаллық-руўхый орталықты жақсылаў, пуқаралардың өзин-өзи басқарыў уйымларының артықша ўазыйпаларын қысқартыў, халықтың социаллық жәрдемге мүтәж қатламын қоллап-қуўатлаўда айрықша әҳмийетке ийе болды.

Ҳаял-қызлардың жәмийеттеги ролин  арттырыў бағдарындағы реформалар үзликсиз даўам еттирилмекте. Атап айтқанда, ҳаял-қызлар ҳәм ер адамлардың мәмлекетлик ҳәм жәмийетлик басқарыўда, сайлаў процесинде теңдей қатнасыўы, барлық тараўларда ҳуқық ҳәм имканиятлардың мәмлекет тәрепинен тәмийинлениўи, ҳаял-қызларды ҳәр қандай басым ҳәм зорлықлардан қорғаў, бундай жағдайға маўасасыз гүресиўдиң анық механизми енгизилди.

-Елимиздиң ҳәр тәреплеме раўажланыўын бул үлкеде жасап ҳәм мийнет етип атырған  136  миллет ҳәм халық ўәкиллериниң өз-ара татыўлығысыз, 16 диний конфессия ўәкиллери арасындағы кеңпейиллилик қатнасықларысыз көз алдымызға келтире алмаймыз,- дейди Қарақалпақстан Республикасы Әдиллик министрлигиниң бөлим баслығы Исатай Аллабергенов.- Бунда 2017-2021-жылларда Өзбекстан Республикасын раўажландырыўдың бес тийкарғы бағдары бойынша Ҳәрекетлер стратегиясының бесинши бағдары «Қәўипсизликти, миллетлераралық татыўлықты ҳәм кеңпейилликти тәмийинлеў, терең ойланған, өз-ара пайдалы ҳәм әмелий руўхтағы сыртқы сиясат жүргизиў» деп аталыўы тосыннан емес.

Өзбекстан Республикасы Президентиниң «Миллетлер аралық қатнасықлар ҳәм сырт ел мәмлекетлери менен  дослық қатнасықларды буннан былай да жетилистириў иалжлары ҳаққында»ғы қарары  жәмийетимизде турақлылық, тынышлық ҳәм татыўлықты тәмийинлеў, пуқаралардың санасында көп миллетли бирден-бир шаңараққа тийислилик сезимин беккемлеў, миллий мәдений орайлар ҳәм дослық жәмийетлери жумысларын ҳәр тәреплеме қоллап-қуўатлаў ҳәм раўажландырыў, сырт ел мәмлекетлери менен мәдений-ағартыўшылық байланысларын кеңейтиўге хызмет етеди. Бундай қатнасықларды беккемлеўде республика интернационал мәденият орайы ҳәм мәдений-ағартыўшылық қатнасықлар жәмийетлери кеңеси негизинде Өзбекстан Республикасы Министрлер Кабинети жанында Миллетлер аралық қатнасықлар ҳәм сырт ел мәмлекетлери менен дослық байланыслар комитетиниң шөлкемлестирилиўи айрықша әҳмийетке ийе болды.

Бул комитет миллетлер аралық татыўлық, дослық ҳәм бирлик принциплерин ен жайдырыў, социаллық басламаларды қоллап-қуўатлаў ҳәм хошаметлеўге қаратылған илажларды әмелге асырыў менен бир қатарда, миллий мәдений орайларға әмелий жәрдем көрсетиў,  миллети, расасы, диний исенимине қарамастан, пуқаралар санасында «Өзбекстан улыўма үйимиз»,-деген принципти өзинде жәмлеген көп миллетли бирден-бир шаңарақ туйғысын беккемлеў илажларын әмелге асырады.

Елимиз басшысының 2019-жыл 15-ноябрьдеги «Миллетлераралық қатнасықлар тараўында  Өзбекстан Республикасы мәмлекетлик сиясаты концепциясын тастыйықлаў ҳаққында»ғы пәрманы тийкарында 2019-2021-жылларда Өзбекстан Республикасы мәмлекетлик сиясаты концепциясы әмелге асырыў бойынша «Жол картасы» ҳәм комиссия қурамы тастыйықланды. Солай екен, бүгинги күнде миллетлер аралық татыўлық, олар арасында өз-ара ҳүрмет  ҳәм дослық қатнасықларын беккемлеў пүткил дүнья жүзинде тынышлық және турақлылықты тәмийинлеўде тийкарғы фактор болып қала береди.

Президентимиздиң басшылығында коронавирус пандемиясы дәўиринде халықтың социаллық жәрдемге мүтәж қатламын ҳәр тәреплеме қоллап-қуўатлаўға айрықша итибар қаратылмақта. «Темир дәптер»ге киргизилген  шаңарақ ағзаларының ҳәр бирине республика бюджетинен бир мәртелик материаллық ҳәм басқа да жәрдемлер көрсетилмекте.

Бүгинги карантин илажларына қарамастан  усы жылдың 1-сентябринен баслап пенсиялар, балалықтан майыплығы болған шахсларға, зәрүр мийнет стажына ийе болмаған кексе жастағы ҳәм мийнетке жарамсыз пуқараларға берилетуғын напақалар муғдары 10 процентке көбейтилип, төлеў мүддети усы жылдың июль-сентябрь айларында  тамамланатуғын балалы шаңарақларға ҳәм бала тәрбиясы менен шуғылланатуғын аналарға напақа төлеў гезектеги 6 ай мүддетке (бала 2 ҳәм 14 жастан аспаған жағдайда) даўам еттирилиўи жәрдемге мүтәж шаңарақларға итибар және ғамқорлықтың айқын көриниси болып табылады.   Усындай сынақлы күнлерде барлық тараўларда әмелге асырылып атырған реформалар пуқараларымыздың мүнәсип турмыс кешириўин тәмийинлеўге хызмет етиўи менен бирге, ўақтынша қыйыншылықларды жеңип шығыўда халқымызға күш-қуўат ҳәм сабыр-тақат бағышланыўы менен де әҳмийетли болып табылады.

 

Д.АБИБУЛЛАЕВ,

Қарақалпақстан хабар агентлигиниң шолыўшысы