Өзбекстан Республикасы Олий Мажлиси Сенаты Кенгашиниң кеңейтилген мәжилиси болып өтти. Онда Президент Администрациясы, Министрлер Кабинети, жуўапкер министрликлер ҳәм уйымлар ўәкиллери және ғалаба хабар қуралларының хызметкерлери қатнасты.

Мәжилисти Олий Мажлис Сенатының Баслығы Танзила Норбоева алып барды.

Илажда нызам ҳүжжетлериниң орынланыў жағдайы, ҳуқықты қолланыў әмелиятын үйрениў ҳәм нызамасты ҳүжжетлериниң қабыл етилиўи бойынша әмелге асырылған мониторинг нәтийжелери және коронавирус пандемиясы дәўиринде жүзеге келген машқалалардан келип шығып, Өзбекстан Республикасының социаллық-экономикалық тараўға байланыслы нызам ҳүжжетлерин жетилистириў ҳаққындағы мәселелер көрип шығылды.

Соңғы жыллары елимизде жәмийеттиң ҳәр қыйлы тараўларын жетилистириўге қаратылған бир қатар нызамлар қабыл етилип, беккем ҳуқықый база жаратылды. Усы жылдың 1-июльинен баслап нормативлик-ҳуқықый ҳүжжетлер жойбарларын таярлаўда «пакет» принципи қолланылды.

Бул бойынша парламент жоқары палатасы да жаңа бағдарда жумыс алып барды. Атап айтқанда, Сенат комитетлери тәрепинен 20ға шамалас әмелдеги нызам ҳүжжетлериниң орынланыўы, ҳуқықты қолланыў әмелияты үйренилди ҳәм нызамасты ҳүжжетлериниң қабыл етилиўи бойынша мониторинг әмелге асырылды. Нәтийжеде бир қатар қайта көрип шығылыўы және жетилистирилиўи керек болған нормалардың бар екенлиги анықланды.

Мәжилисте айырым нызамларда анық механизмлердиң жоқ екенлиги, көплеп силтеме нормалардың бар екенлиги ҳәм тараўдың тийкарынан нызамасты ҳүжжетлери менен тәртипке салынатуғыны әмелиятта машқалаларды келтирип шығарып атырғанына итибар берилди. Бул мәселе Министрлер Кабинети, тийисли министрликлер ҳәм уйымлардың жуўапкерлери қатнасыўында додаланды.

Атап өтилгениндей, «Мәмлекетлик сатып алыўлар ҳаққында»ғы нызам қабыл етилген болса да, бул тараўды тиккелей тәртипке салыўға қаратылған 20ға шамалас нызам асты ҳүжжетлери әмелде болып, оларда бир-бирине қарама-қарсы нормалар бар.

«Ҳәкимшилик тәртип-қағыйдалар ҳаққында»ғы нызам өлшемлерин әмелиятқа енгизиўде де айырым машқалалар бар. «Өзархив» ҳәм «Өзстандарт» агентликлери тәрепинен физикалық ҳәм юридикалық тәреплерге көрсетилип атырған айырым мәмлекетлик хызметлер бойынша ҳәкимшилик регламентлер ислеп шығылмаған, бул бағдардағы ишки ҳүжжетлер менен тәртипке салып келинбекте. Қалаберди, «Медиация ҳаққында»ғы нызамның орынланыўын үйрениў оның қағыйдаларын енгизиўде де айырым кемшиликлерди көрсетти.

Буннан тысқары, «Мәдений байлықлардың алып шығылыўы ҳәм алып кирилиўи ҳаққында»ғы, «Авторлық ҳуқық ҳәм түрлес ҳуқықлар ҳаққында»ғы, «Арнаўлы экономикалық зоналар ҳаққында»ғы, «Инвестициялар ҳәм инвестициялық жумыс ҳаққында»ғы, «Жеке меншик банк ҳәм финанс институтлары және олардың жумысының кепилликлери ҳаққында»ғы ҳәм басқа да бир қатар әмелдеги нызамларды бүгинги күн талаплары тийкарында қайта көрип шығыў және жетилистириў зәрүрлиги атап өтилди.

Сонлықтан нызам ҳүжжетлерин түп-тийкарынан қайта көрип шығыў, оларды системаластырыў, нормативлик-ҳуқықый ҳүжжетлерди ислеп шығыў ҳәм қабыл етиў процесслериниң сапасын жақсылаў, нызамлардың орынланыў мониторингин жетилистириў, уйымлық нормативлик-ҳуқықый ҳүжжетлер қабыл етилетуғын шөлкемлерди басқышпа-басқыш қысқартыў зәрүрлиги атап өтилди.

Мәжилисте коронавирус пандемиясы дәўиринде жүзеге келген машқалалардан келип шығып, Өзбекстан Республикасының социаллық-экономикалық тараўға байланыслы нызам ҳүжжетлерин жетилистириў ҳаққындағы мәселелер де додалаў орайында болды.

Атап өтилгениндей, елимизде COVID-19 инфекциясы тарқалыўының алдын алыў бойынша мәмлекетимиз ҳәм ҳүкиметимиз тәрепинен алып барылып атырған оператив ҳәм анық мақсетли илажлар өзиниң нәтийжесин бермекте.

Коронавирус пандемиясы дәўиринде аралықтан билимлендириў, мийнет, сондай-ақ, басқа да тараўларда аралықтан хызмет көрсетиў әмелияты жолға қойылды. Исбилерменлер, социаллық қорғаўға мүтәж шаңарақлар қоллап-қуўатланды.

Бул бағдардағы ис-ҳәрекетлерге үнлес түрде парламент тәрепинен де бир қатар жумыслар әмелге асырылды. Пандемия тек ғана медицина, билимлендириў тараўларындағы нызамшылық  емес, ал экономика бағдарындағы, улыўма алғанда, басқа да бир қатар тараўлар нызамшылығын заман талапларына бейимлестириў зәрүрлигин көрсетти. Өз гезегинде, бир қатар нызам жойбарлары қабыл етилди ҳәм жетилистирилди.

Сенат Кенгаши тәрепинен коронавирус пандемиясы дәўиринде жүзеге келген машқалалардан келип шығып, халықтың социаллық қорғалыўын күшейтиўге ҳәм экономикалық тармақларының турақлылығын тәмийинлеўге қаратылған ҳуқуқый тийкарларды және де беккемлеў мәселелери бойынша илажлар режеси ҳәм жумысшы топары тастыйықланды.

Мәжилисте жумысшы топардың жумысы ашық-айдын болыўы кереклиги, оның жәмийетшилик, ғалаба хабар қуралларының ўәкиллери менен бирге ислесиўи, қалаберди, Жаслар парламентиниң имканиятларынан нәтийжели пайдаланыўы зәрүрлиги атап өтилди.

Сондай-ақ, көрип шығылған мәселелер бойынша Сенат Кенгашиниң тийисли қарарлары қабыл етилди.

 

ӨзА