Елимиз ғәрезсизлигиниң 29 жыллығы байрамы алдында Нөкис қаласында әскерий хызметкерлер ушын узақ мүддетли ипотека кредити тийкарында қурылған 2 көп қабатлы турақ жай имараты пайдаланыўға тапсырылды.

Жаңа турақ жайларды тапсырыў мәресиминде Қарақалпақстан Республикасы Министрлер Кеңеси Баслығының орынбасары Ж.Ембергенов, Арқа-батыс әскерий округи сәркардасы, полковник Ф.Шерматов, әскерий хызметкерлердиң ата-аналары, кең жәмийетшилик ўәкиллери қатнасты.

Илажда сөзге шыққанлардың атап өткениндей, соңғы жыллары әскерий тараўға қаратылып атырған айрықша итибар нәтийжесинде әскерий бөлим ҳәм мәкемелердиң, дала-оқыў майданларының инфраструктурасын жетилистириў, елимизди қорғаўдай жуўапкерли кәсип ийелерине ҳәм олардың шаңарақ ағзаларына қолайлы шараят жаратыў бағдарында кең көлемли илажлар әмелге асырылмақта. Әсиресе, әскерий хызметкерлерди турақ жай менен тәмийинлеўге, әскерий пенсионерлерди социаллық қоллап-қуўатлаўға айрықша итибар қаратылмақта. Бул бағдарда Қарақалпақстан Республикасы Жоқарғы Кеңеси әскерий-ҳәкимшилик секторы менен биргеликте алып барылып атырған жумысларға айрықша тоқтап өтилди.

Атап айтқанда, соңғы үш жылда Арқа-батыс әскерий округиниң өзинен 300 ден зыят әскерий хызметкер ушын жеңилликли ипотека кредити тийкарында 8 турақ жай қурылып, пайдаланыўға тапсырылды. Ҳәзирги ўақытта Қорғаныў ислери басқармасының жаңа имаратын қурыў, «Нөкис» полигонының инфраструктурасын жетилистириў бағдарындағы жумыслар әмелге асырылмақта.

-Бүгин көпшилик қатарында бизиң шаңарағымыз да еки бөлмели турақ жайға ийе болды,-дейди I дәрежели сержант Айбек Тлеўбаев.-Ең уллы, ең әзиз байрамымыз алдында бундай турақ жайға ийе болғанымыздан қуўанышлымыз.

Илаж соңында жаңа турақ жай ийелерине гилтлер салтанатлы жағдайда тапсырылды. Қатнасыўшылар бул жерде жаратылған шараятлар менен танысты.

Нөкис гарнизоны «Ватанпарвар» мәкан пуқаралар жыйыны аймағында қурылған ҳәр бири 30 квартирадан ибарат еки бес қабатлы, барлық қолайлықларға ийе турақ жай елимизди көздиң қарашығындай қорғап киятырған әскерий хызметкерлерге байрам саўғасы болды.

 

Д.АБИБУЛЛАЕВ,

Қарақалпақстан хабар агентлигиниң шолыўшысы.

М.ҲӘБИЙБУЛЛАЕВтың түсирген сүўретлери.