Қарақалпақстан Республикасы статистика басқармасының мағлыўматларына қарағанда, бүгинги күнге келип ҳәкимшилик аймақлық бирликлер дизими ҳәм шегараларына анықлық киргизилди. Яғный, аўыл (АПЖ) ҳәм мәкан (МПЖ) пуқаралары жыйынларының шегаралары ҳәм аймақлық пунктлери бойынша электрон тәриздеги схематикалық режелер ҳәм карталар ислеп шығылды.

Қарақалпақстан Республикасы «Жермүлккадастр» МК ҳәм район (қала) ҳәкимликлериниң мағлыўматлары тийкарында Қарақалпақстан Республикасы бойынша адам барыўы қыйын болған жерлерде жайласқан 26 аймақтың дизими қәлиплестирилди.

Ҳәзирги ўақытта Қарақалпақстан Республикасы бойынша көшелердиң атамаларын ҳәм жай номерлерин толық орнатыў бойынша жумыслар алып барылмақта. Ҳәр бир қала, аўыл хәм көшелер бойынша жасаўшылар  дизимин шөлкемлестириў жумыслары даўам етпекте.

– «Халықты дизимге алыў ҳаққында»ғы Нызамның әҳмийети, мақсети ҳәм ўазыйпаларын  халыққа жеткериў мақсетинде көшелерде электрон таблоларда дағазалар берилип барылмақта ҳәм реклама баннерлерин орнатыў режелестирилмекте,-дейди басқарма қәнигеси С.Каипов. – «Халықты дизимге алыў ҳаққында» видеороликлер телевидение ҳәм мониторларда, социаллық тармақларда, басқарманың расмий веб-сайтында берилип, мәҳаллелерде ҳәм басқа шөлкемлерде семинарлар шөлкемлестирилмекте.

Басқарманың «Дизимге алыў жумысларын шөлкемлестириў ҳәм өткериў бөлими»не тәжирийбели қәнигелер тартылды. Бул бөлим халықты дизимге алыў бойынша әмелге асырылатуғын жумысларға таярлық көрмекте.

Өзбекстан Республикасы Президентиниң усы жыл 3-августтеги «Өзбекстан Республикасының миллий статистика системасын буннан былай да жетилистириў ҳәм раўажландырыў илажлары ҳаққында»ғы қарары бойынша да жумыслар баслап жиберилди.

Қарарда көрсетилгениндей, елимизде статистика мағлыўматларының сапасын ҳәм исенимлилигин арттырыў бойынша системалы жумыслар әмелге асырылып, социаллық-экономикалық процесслерди, атап айтқанда, халықаралық шөлкемлердиң арнаўлы баспалары менен мағлаўматлар базаларында әдил ҳәм исенимли сәўлелендириўди тәмийинлеў илажлары көрилмекте.

Соның менен бирге, статистика мағлыўматларының сапасын және де жақсылаў, статистика көрсеткишлериниң толық мағлыўмат базаларын жаратыў, оларды халықаралық стандартларға бейимлестириў, социаллық-экономикалық ҳәм демографиялық тараўларда статистиканың заманагөй усылларын енгизиў бойынша да жумыслар исленбекте.

Басқышпа-басқыш барлық түрдеги таңлама бақлаўларды электрон қурылмалар (планшетлер) жәрдеминде өткериўди жолға қойыў илажлар режеси бойынша электрон қурылмалар (планшетлер) сатып алынды ҳәм арнаўлы программа орнатылды. Усы жыл февраль айынан баслап арнаўлы электрон қурылмалар (планшетлер)ға саўда объектлериниң бирлемши мағлыўматлары жайластырылып, товар ҳәм хызметлердиң тутыныў баҳаларының таңлама бақлаўлары жолға қойылды.

 

Қарақалпақстан хабар агентлиги