Өзбекстан Республикасы Президенти Шавкат Мирзиёев ең әзиз улыўмамиллий байрамымыз – Ўатанымыздың ғәрезсизилиги жәрияланғанының 29 жыллығын белгилеў алдынан мәмлекетимиз тәрепинен алып барылып атырған гуманистлик сиясаттың әмелий дәлийли сыпатында «Еркинен айырыў жазасын өтеп атырған, қылмысына шын кеўилден пушайман болған ҳәм дүзелиў жолына беккем өткен бир топар шахсларды әпиў етиў ҳаққында»ғы Пәрманға қол қойды.

Пәрманға муўапық, Өзбекстан Республикасы Конституциясының 93-статьясы 23-бәнтине тийкарланып қол урған жынаяты ушын жазаны орынлаў мәкемелеринде жаза өтеп атырған және қылмысына шын кеўилден пушайман болған ҳәм дүзелиў жолына беккем өткен 113 пуқара әпиў етилди.

Әпиў етилген шахслардың 5и тийкарғы жазадан азат етилди, 53и жазаны өтеў мүддетинен алдын шәртли азат етилди, 15 шахстың еркинен айырыў жазасы жеңил жаза менен алмастырылды. Сондай-ақ, 40 шахсқа тайынланған еркинен айырыў жазасының  мүддетлери қысқартылды.

Әпиў етилгенлердиң 1и 60 жастан асқан ер, 2и сырт мәмлекеттиң пуқаралары, 105и  қадаған етилген шөлкемлердиң қатнасыўшыларын қурайды.

Пәрманның орынланыўы бойынша әпиў етилген шахсларды шаңарағы ҳәм туўысқанларының қушағына қайтарыў, социаллық турмысқа ийкемлесип, пайдалы мийнет пенен шуғылланыўы, саламат турмыс тәризин жолға қойып, жәмийетте мүнәсип орын табыўы ушын оларға жәрдем бериў бойынша жуўапкер министрликлер ҳәм уйымларға тийисли тапсырмалар берилди.

 

ӨзА