Мәмлекетлик тест орайына абитуриентлер тәрепинен телефон номериниң жоғалғанлығы, телефон номери ислемей қалғаны ямаса жеке кабинетке кириў паролин умытып қойғаны бойынша көплеген мүрәжатлар келип түспекте.

 

Орай тәрепинен усы мүрәжатлар есапқа алынып, abitur.dtm.uz сайты арқалы «Абитуриент рухсатнамасы»н жүклеп алыў ушын қосымша имканият жаратылды.

 

Енди «Абитуриент рухсатнамасы»н жеке кабинетке кирместен алыўға болады. Анықлаў етип айтқанда, рухсатнама алыў ушын телефон номер ҳәм пароль шәрт емес.

 

Бунда «Абитуриент рухсатнамасы»н жүклеп алыў ушын төмендеги мағлыўматлар зәрүр болады:

 

– Паспорт сериясы;

– Паспорт номери;

– Физикалық тәрептиң жеке идентификациялық номери (ФТЖИН).

 

Усы имканияттан төмендеги силтеме арқалы пайдаланыўға болады:

https://abitur.dtm.uz/allow

 

Ислам Матеков,

Қарақалпақстан хабар агентлиги.