Өзбекстан Республикасы Президентиниң

қарары

Елимизде әмелге асырылып атырған кең көлемли реформаларда белсендилик көрсетип, өзиниң билим ҳәм таланты, талпынысы ҳәм интакерлиги, ҳадал ҳәм нәтийжели мийнети менен Ўатанымыздың раўажланыўына мүнәсип үлес қосып атырған, жоқары мәнаўиятлы, еркин пикирлейтуғын, беккем турмыслық позиция, кең дүнья таным ҳәм жоқары потенциалға ийе, халық мәпи ҳәм ўатан келешеги ушын жуўапкершиликти өз мойнына алыўға уқыплы болған пидайы ҳәм мәрт улларымызды мүнәсип хошаметлеў мақсетинде:

  1. 1. Өзбекстан Республикасы Президенти жанындағы Мәмлекетлик сыйлықлар ҳәм геральдика бойынша комиссияның Қарақалпақстан Республикасы, ўәлаятлар ҳәм Ташкент қаласының қәбилетли жигитлерин илим, билимлендириў, медицина, мәденият, әдебият, көркем өнер, спорт, өндирис, әскерий хызмет тараўлары ҳәм ҳуқықты қорғаў уйымларындағы жумысында ерискен айрықша табыслары ушын «Мард ўғлон» мәмлекетлик сыйлығы менен сыйлықлаў ҳаққындағы усыныслары қосымшадағы дизимге муўапық мақуллансын.
  2. 2. «Мард ўғлон» мәмлекетлик сыйлығының лауреатларына дипломлар ҳәм көкирек белгилери салтанатлы жағдайда тапсырылсын.
  3. 3. Өзбекстан Республикасы Қаржы министрлиги «Мард ўғлон» мәмлекетлик сыйлығы лауреатларының ҳәр бирине базалық есаплаў муғдарының 50 есеси муғдарында ақшалай сыйлық берилиўин тәмийинлесин.
  4. 4. Өзбекстан Республикасы Президенти Администрациясы жанындағы Мәлимлеме ҳәм ғалаба коммуникациялар агентлиги, Өзбекстан Миллий мәлимлеме агентлиги, Өзбекстан Миллий телерадиокомпаниясы ҳәм басқа да ғалаба хабар қуралларына «Мард ўғлон» мәмлекетлик сыйлығы ийелериниң ибратлы ислери, олардың тәкирарланбас таланты ҳәм ерискен табысларын кеңнен сәўлелендирип барыў усыныс етилсин.
  5. 5. Усы қарардың орынланыўы қадағалаў Өзбекстан Республикасының Бас министри А.Н.Арипов ҳәм Өзбекстан Республикасы Президенти Администрациясының басшысы З.Ш.Низомиддиновқа жүкленсин.

Өзбекстан Республикасы

Президенти                                       Ш.МИРЗИЁЕВ

Ташкент қаласы,

2020-жыл 26-август

*   *   *

Өзбекстан Республикасы Президентиниң

2020-жыл «26» августтағы ПҚ-4814-санлы

қарарына қосымша

«Мард ўғлон» мәмлекетлик сыйлығы менен сыйлықланғанлардың

ДИЗИМИ

Қарақалпақстан Республикасы бойынша:

Раҳимбоев Отабек Давлатбаевич – Қарақалпақ мәмлекетлик университетиниң 3-басқыш студенти

Сержанов Памир Оралбаевич – Нөкис қаласындағы «Оралбай Нөкис» шаңарақлық кәрханасының басшысы

 

ӨзА