Өзбекстан Республикасы Ғәрезсизлигиниң 29 жыллығы байрамына арнап «Өзбеккино» Миллий агентлиги байрам саўғасы сыпатында 10 нан аслам көркем, ҳүжжетли ҳәм анимациялық фильмлердиң миллий телевизиялық премьерасын өткереди. Бул акция агентлик тәрепинен шөлкемлестирилип атырған «Cinema Days» кино күнлери шеңберинде болып өтпекте, деп хабар берди агентлик мәлимлеме хызмети.
Ғәрезсизлик байрамы күнлери «Теңиз», «Авлоний» көркем фильмлери, «Қўқон шамолия» көп бөлимли фильми, «Халқ юраги», «Бастакор», «Сузук ота», «Санъатдаги Санъат», «Фильм чизаётган мусаввир», «Гумбаз остидаги мўъжизалар», «Орол – дардим менинг» ҳүжжетли фильмлери, «Автосаргузаштлар», «Самарқанд нони», «Зағча», «Қалдирғоч билан майна», «Чархпалак-3» ҳәм «Чархпалак-4» мультфильмлериниң миллий телепремьерасы болып өтеди.
«Теңиз» фильми «Өзбеккино» Миллий агентлигиниң буйыртпасы тийкарында «Қарақалпақфильм» киностудиясы тәрепинен сүўретке алынған болып, фильм режиссёры Мансур Абдухолиқов.
Фильм сценарийси реал ўақыялар тийкарында жазылған болып, өмирлик жолдасының қыянетинен соң бахытсыз ҳәдийсе себепли поезд астында қалып, майып болып қалған Теңиз исимли ҳаялдың кейинги өмир жолы ҳаққында сөз етеди.
Фильм Мойнақ районында сүўретке алынған.
Сценарий авторлары Ғофур Шермуҳаммад ҳәм Шуҳрат Ризаев болып, картинада бас рольди Ситора Фармонова атқарған. Сондай-ақ, фильмде Көпжүрсин Алланазаров, Роза Пиязова, Базарбай Назарымбетов, Лиза Халықназарова ҳәм басқа да көплеген қарақалпақ көркем өнер шеберлери қатнасқан.
«Теңиз» көркем фильми ҳәзирги ўақытта қарақалпақ тилине де дубляж етилмекте. Жақын күнлерде усы фильмниң Қарақалпақстанда үлкен премьерасы болып өтиўи күтилмекте.
Байрам саўғасы сыпатында эфирге берилетуғын телевизиялық премьералар 29-август – 5-сентябрь күнлери мәмлекетлик ҳәм мәмлекетлик емес телеканалларында болып өтиўи жобаластырылған.
Ислам Матеков,
Қарақалпақстан хабар агентлигиниң шолыўшысы.