Премьера

19-август күни Ташкент қаласында «Өзбеккино» миллий агентлиги ҳәм «Қарақалпақфильм» мәмлекетлик унитар кәрханасы тәрепинен сүўретке алынған «Теңиз» көркем фильминиң премьерасы болып өтти.

Фильмниң премьерасына қарақалпақстанлы кино дөретиўшилер ҳәм фильмде роль атқарған актёр, актрисалар қатнасты.

Бул ҳаққында бизге «Қарақалпақкино» агентлиги хабар бермекте.

Фильмде Мойнақта жасаўшы Манзура Ерниязованың ерлиги сүўретленген.

Фильмниң постановкашы режиссёры – Мансур Васати, сценарий авторлары Ғафур Шермуҳаммедов ҳәм Шуҳрат Ризаевлар болып, актёрлардан Ситора Фармонова, Көпжүрсин Алланазаров, Роза Пиязова, Феруза Саидова, Лизахан Халықназаровалар өзлерине тапсырылған роллерин  шеберлик пенен атқарып шыққан.

Фильмде бүгинги күндеги қарақалпақ халқының турмыс тәризи, халқымыздың мәденияты, дәстүрлери, тәбияты сәўлеленген. Онда бас қаҳарманды теңиз мысалында көриўимиз мүмкин.

«Теңиз» фильми реал ўақыялар тийкарында сүўретке алынып, онда бас қаҳарман Мойнақта жасаўшы Манзура Ерниязованың қарақалпақ ҳаял-қызларына тән болған сабыр-тақатлылығы, шыдамлылығы, ашшы турмыс тәризи ҳәм ерлиги сүўретленген. Өмирлик жолдасына садық болған, перзент күтип күтип атырған Теңиз күйеўиниң қыянетин билип, бир өмирге майып болып (бир аяқ, бир қолынан айрылады) қалады. Соған қарамастан, Манзура өмир ушын гүресип, үлкен жетискенликке ериседи.

– Бас қаҳарман теңиздиң қыйналғанын көрип өзиме сабақ алдым. Бизлердиң турмыста көрген қыйыншылықларымыз ямаса ҳәзирги карантин дәўиринде барлық нәрсеге көнип жасап атырғанымыз теңиз көрген азаплар алдында ҳеш нәрсе емес. Кино маған және де күш берди.  Мен көрген Мойнақ, мен жасаған Қарақалпақстанда үмит ушқынының пайда болыўы ушын да фильм кеўиллерге жетип барды.  Фильмде трагедия менен бирге азғана болса да, комедияның барлығы тамашагөйди зериктирмейди. «Теңиз» фильминиң қуўанышлы жуўмақланғаны менде унамлы тәсир қалдырды, – дейди Қарақалпақстан халық артисти, Өзбекстанда хызмет көрсеткен артист  Жеңисбек Пиязов.

Кино жақын күнлерде экранға шығыўы күтилмекте.

 

Т.СЕЙТНАЗАРОВА,

Қарақалпақстан хабар агентлигиниң шолыўшысы