Өзбекстан Республикасы Президентиниң қарары
Мәмлекетимизде мийнет базарының нәтийжели механизмлерин енгизиў, халықтың исшеңлик белсендилигин арттырыў, кәмбағал ҳәм жумыссыз пуқараларды заманагөй кәсип-өнер ҳәм исбилерменлик көникпелерине оқытыў, сол тийкарда оларды турақлы дәрамат келтиретуғын мийнет ҳәм исбилерменлик жумысына тартыў арқалы бәнтлигин тәмийинлеў мақсетинде:
- 1. Бәнтлик ҳәм мийнет қатнасықлары министрлиги (кейинги орынларда – Министрлик) тийислилиги бойынша Қарақалпақстан Республикасы Министрлер Кеңеси, ўәлаятлар ҳәм Ташкент қаласы ҳәкимликлери менен биргеликте:
2021-жыл 1-январьға шекем Қарақалпақстан Республикасы ҳәм ўәлаятларда «Жумысқа мәрҳамат» моноорайларын 1-қосымшаға муўапық;
бир ай мүддетте Қарақалпақстан Республикасы, ўәлаятлар ҳәм Ташкент қаласында Өзбекстан Республикасы Бәнтлик ҳәм мийнет қатнасықлары министрлиги системасындағы кәсип-өнерге оқытыў орайларын 2-қосымшаға муўапық;
Жоқары ҳәм орта арнаўлы билимлендириў министрлиги менен биргеликте бир ай мүддетте Ташкент қаласының районларында қысқа мүддетли кәсип-өнерге оқытыў курсларын 3-қосымшаға муўапық;
Мәҳәлле ҳәм шаңарақты қоллап-қуўатлаў министрлиги менен биргеликте еки ай мүддетте мәҳәлле халқын кәсип-өнерге оқытыў орайларын 4-қосымшаға муўапық шөлкемлестирсин.
- 2. Министрлик турақлы түрде мәмлекетлик емес кәсип-өнерге оқытыў мәкемелерин тартып, халықты мийнет базарында талап жоқары болған кәсиплер, исбилерменлик тийкарлары ҳәм шет тиллерге оқытыўды шөлкемлестирсин. Онда, жеке меншик сектор иманиятларынан кеңнен пайдаланыў мақсетинде:
а) мәмлекетлик емес кәсип-өнерге оқытыў мәкемелерин шөлкемлестирип атырған жеке меншик инвесторларға төмендегилер мәмлекетлик жәрдем сыпатында көрсетиледи:
мәмлекетлик емес кәсип-өнерге оқытыў мәкемелерин шөлкемлестириў ушын Министрликтиң «Жумысқа мәрҳамат» моноорайлары ҳәм кәсип-өнерге оқытыў орайларының, кәсип-өнерге оқытыў мәкемелериниң имаратлары ямаса олардың бир бөлеги және жергиликли ҳәкимият ҳәм пуқаралардың өзин-өзи басқарыў уйымларының усынысына бола басқа да бос турған имаратлар ямаса олардың бир бөлеги оператив басқарыўға ямаса узық мүддетли жеңилликли ижараға бериледи;
оқыў бағдарламасы ҳәм оқытыўшыларды еркин таңлаў ҳуқықы бериледи;
кәсип-өнерге оқытыў орайлары имаратларының бир бөлеги берилген жағдайда усы орайлардың оқыў үскенелери ҳәм әнжамлары жеңилликли түрде пайдаланыўға тапсырылады;
мәмлекетлик емес кәсип-өнерге оқытыў мәкемелеринде Бәнтликке жәрдем бериў мәмлекетлик қоры есабынан оқытыў ушын мәмлекетлик буйыртпаның кепилленген ең кем дәрежесин белгилеў;
б) мәмлекетлик емес кәсип-өнерге оқытыў мәкемелери алынып атырған мәмлекетлик жәрдем есабынан төмендегилерди тәмийинлейди:
кәсип-өнерге оқытыў ҳәм көнликпелерди баҳалаў сапасының сыртқы ҳәм миллий мийнет базарының талапларына сәйкес екенлиги;
жумыссыз, кәмбағал пуқараларды кәсип-өнерге оқытыў қәрежетлерин Бәнтликке жәрдем бериў мәмлекетлик қоры есабынан төленип атырған мәмлекетлик буйыртпаның муғдарынан арттармаўды;
кәсиплик көнликпелери баҳаланып атырған пуқаралар ҳаққында мағлыўматларды Министрликтиң Тастыйықланған тәжирийбеге ийе шахслар Миллий реестрине қосыў ушын усыныўды;
в) мәмлекетлик емес кәсип-өнерге оқытыў мәкемелеринде билим алған және WorldSkills ҳәм басқа да халықаралық стандатлар дәрежесинде кәсиплик маманлық сертификатын (Skills паспорты) алған питкериўшилерге Бәнтликке жәрдем бериў мәмлекетлик қоры қаржылары есабынан төмендеги жеңилликлер бериледи:
кәсип-өнерге оқыў ҳәм маманлық имтиханын тапсырыў қәрежетлерин қаплаў;
исбилерменликке тартыў ҳәм өзин-өзи бәнт еткени ушын хошаметлеў субсидияларын ажыратыў;
үй бизнесин баслаўы ушын жеңилликли кредит ажыратыўға жоллама бериў.
- 3. Төмендегилер:
Кәмбағал ҳәм жумыссыз пуқараларды кәсип-өнерге үйретиў ҳәм олардың мийнет белсендилигин арттырыў бойынша республикалық жумысшы топардың қурамы 5-қосымшаға муўапық;
Халықтың бәнтлигин тәмийинлеў ҳәм жумысшы күштиң бәсекиге шыдамлылығын арттырыў бағдарламасы 6-қосымшаға муўапық тастыйықлансын.
- 4. Усы қарардың 1 ҳәм 2-бәнтлерине муўапық оқытыў қәрежетлери төмендеги дәреклердиң есабынан қапланатуғынлығы белгиленсин:
мийнет уйымларының жолламасы менен жиберилген жумыссыз пуқараларды оқытыўға байланыслы қәрежетлер Бәнтликке жәрдем бериў мәмлекетлик қоры қаржылары;
басқа пуқаралар ушын – пуқаралардың өз қаржылары ямаса өз жумысшыларының кәсиплик маманлығын арттырыў ушын (кәсиплик оқытыў, қайта оқытыўға) жиберген жумыс бериўшилер ямаса жаңа жумысшыларды кәсипке таярлаў ушын буйыртпа берген шөлкемлердиң қаржылары ҳәм нызам ҳүжжетлери менен қадаған етилмеген басқа да дәреклер.
- 5. Қаржы министрлиги бир ай мүддетте усы қарарға 1-қосымшаға муўапық «Жумысқа мәрҳамат» моноорайларын ҳәм 2-қосымшаға муўапық кәсип-өнерге оқытыў орайларын сақлаў, қайта оңлаў, әсбап-үскенелер менен тәмийинлеў және оқытыўшы ҳәм өндирислик билим бериў усталарының мийнет ҳақыларын төлеў ушын Бәнтликке жәрдем бериў мәмлекетлик қорына Кризиске қарсы гүресиў қорынан 2020-жыл ушын ажыратылатуғын қаржыларға қосымша түрде 150 миллиард сум қаржы ажыратсын.
- 6. Министрлик 2021-жыл 1-январьдан баслап «Жумысқа мәрҳамат» моноорайлары және кәсип-өнерге оқытыў орайлары питкериўшилериниң кәсиплик маманлығын WorldSkills стандартлары тийкарында баҳалаў, сондай-ақ, баҳалаўдан табыслы өткен питкериўшилерге мәмлекетимизде ҳәм сырт мәмлекетлерде тән алынатуғын Skills паспорты берилиўин жолға қойсын ҳәм кәсиплик маманлығы тастыйықланған питкериўшилердиң Бирден-бир реестрин қәлиплестирсин.
«Жумысқа мәрҳамат» моноорайлары және кәсип-өнерге оқытыў орайлары тәрепинен питкериўшилерге берилген оқыўды тамамлағанын тастыйықлайтуғын ҳүжжет және Skills паспорты орта арнаўлы, кәсип-өнер билимлендириўи дипломы дәрежесине теңлестирилип, ийелеген билимлерди мийнет етиўде әмелге асырыў ҳуқықын береди, бирақ, билимлендириўдиң кейинги түрин даўам еттириў ушын тийкар болып есапланбайтуғыны белгиленсин.
- 7. «Жумысқа мәрҳамат» моноорайлары және кәсип-өнерге оқытыў орайлары:
жумыс бағдарлары Министрлик тәрепинен белгиленетуғыны, олардың жумысына байланыслы қәрежетлер, соның ишинде, материаллық-техникалық тәмийинлеў ҳәм сақлап турыў қәрежетлери Бәнтликке жәрдем бериў мәмлекетлик қоры қаржылары, хожалық жумысы нәтийжесинде түскен қаржылар ҳәм нызам ҳүжжетлери менен қадаған етилмеген басқа да дәреклердиң есабынан қаржыландырылатуғынлығы;
структуралық дүзилис, штатлар кестеси, басшы, оқытыўшы ҳәм басқа да барлық хызметкерлердиң мийнетине ҳақы төлеў муғдары Министрлик тәрепинен тастыйықланатуғынлығы;
оқыў-методикалық жумысы Министрлик және Жоқары ҳәм орта арнаўлы билимлендириў министрлиги тәрепинен белгиленген тәртипте муўапықластыратуғынлығы;
оқыў процесинде ислеп шығарылған ярым таяр, таяр өнимлерди (товар, жумыс, хызметлерди) усы орайлардың аймағында жайласқан көргизбели павильонлар ҳәм ярмаркалар және электрон коммерция арқалы көрсетиўи ҳәм сатыўы (түскен түсимлерди оқыў процеси ушын зәрүр болған аўсық бөлеклери ҳәм шийки зат материалларын сатып алыў, хызметкерлердиң тәжирийбесин арттырыў ҳәм оларды хошаметлеў ушын жумсаўға бағдарлаў шәрти менен ) мүмкин екенлиги белгиленсин.
- 8. Министрлик Жоқары ҳәм орта арнаўлы билимлендириў министрлиги, Қаржы министрлиги және тийисли министрликлер ҳәм уйымлар менен биргеликте 2020-жыл 1-октябрьге шекем Министрлер Кабинетиниң төмендегилерди нәзерде тутатуғын қарары жойбарын ислеп шықсын ҳәм киргизсин:
Қарақалпақстан Республикасы Министрлер Кеңеси, ўәлаятлар ҳәм Ташкент қаласының ҳәкимликлери менен биргеликте ҳәр бир аймақта кеминде биреўден «Ең жақсы кәсипке таярлаў бағдарламасы» бойынша мәмлекетлик емес кәсип-өнерге оқытыў мәкемелери арасында ашық таңлаў өткериў;
таңлаў жеңимпазы сыпатында билимлендириў жумысын әмелге асырыў ҳуқықына ийе болған, аймақлардың тийкарынан аўыл ҳәм шетки жерлерин, шегара аймақларын қамтып алған ҳалда жумыссыз ҳәм бәнт болмаған халық, әсиресе, кәмбағал пуқаралар, жаслар ҳәм ҳаял-қызларды кәсип-өнерге, шет тиллери ямаса исбилерменлик көникпелерине оқытыўды жуўапкершилигине алған, оқыў бағдарламасы ҳәм қолланбаларына ийе, оқыў процесинде мәлимлеме-коммуникация қуралларынан ҳәм инновациялық оқытыў усылларынан кең пайдаланатуғын мәмлекетлик емес кәсип-өнерге оқытыў мәкемесин анықлаў.
- 9. Қаржы министрлиги бир ай мүддетте «Ең жақсы кәсипке таярлаў бағдарламасы» таңлаўы жеңимпазларының жойбарларын қаржыландырыў ушын Бәнтликке жәрдем бериў мәмлекетлик қорына Кризиске қарсы гүресиў қорынан 2020-жыл ушын ажыратылатуғын қаржыларға қосымша түрде 50 миллиард сум қаржы ажыратсын.
Министрлик таңлаў жеңимпазын анықлағаннан кейин үш күн мүддетте Қарақалпақстан Республикасы Министрлер Кеңеси, ўәлаятлар ҳәм Ташкент қаласы ҳәкимликлерине таңлаў жеңимпазлары ҳаққында мағлыўматты усыныс етсин.
Қарақалпақстан Республикасы Министрлер Кеңеси, ўәлаятлар ҳәм Ташкент қаласы ҳәкимликлери таңлаў жеңимпазларын, зәрүр жағдайларда, он бес күн мүддетте ижара төлемлери тиккелей таңлаў жеңимпазы тәрепинен төлениўи шәрти менен оларды оптимал шараятларға ийе имаратлар менен тәмийинлеў илажларын көрип барсын.
- 10. Министрлик Денсаўлықты сақлаў министрлиги, Қарақалпақстан Республикасы Министрлер Кеңеси, ўәлаятлар ҳәм Ташкент қаласы ҳәкимликлери менен биргеликте 2020-жылы халықтың социаллық жәрдемге мүтәж категориялары, әсиресе, майыплығы болған шахслардың жумыс пенен бәнтлигин тәмийинлеў мақсетинде тәжирийбе түринде:
майыплығы болған шахслар ушын жумыс орынлары жаратылып атырған исбилерменлик субъектлерине Бәнтликке жәрдем бериў мәмлекетлик қоры қаржылары есабынан коммерциялық банклер арқалы ҳәр бир жаратылып атырған жумыс орны ушын базалық есаплаў муғдарының 25 есесине шекем, бирақ улыўма ҳәр бир исбилерменлик субъекти ушын базалық есаплаў муғдарының 500 есесинен артпаған муғдарда 3 жыл мүддетте, бир жыллық жеңилликли дәўир менен Орайлық банктиң тийкарғы ставкасында, жаратылған жумыс орнында майыплығы болған шахслардың кеминде бир жыл ислеў шәрти менен микрокредитлер ажыратыў тәртиби енгизилиўин;
жумысқа жарамлы майыплығы болған шахслардың электрон реестрин қәлиплестириў ҳәм реестрге киргизилген шахсларды бос жумыс орынларына жайластырыўға жәрдем бериўди;
исбилерменлик субъектлерине жумыс орынлары ҳәм шараятларын майыплығы болған шахсларға бейимлестириў ушын Бәнтликке жәрдем бериў мәмлекетлик қоры қаржылары есабынан ҳәр бир бейимлестирилип атырған жумыс орны ушын базалық есаплаў муғдарының 40 есесине шекем субсидия ажыратылыўын;
Министрлик системадағы кәсип-өнерге оқытыў орайларында социаллық қорғаўға мүтәж, әсиресе, кем тәмийинленген ҳәм мийнет мигрантлары шаңарақларының ағзалары, майыплығы болған шахсларды бийпул оқытыў курсларының шөлкемлестирилиўин тәмийинлесин.
Министрлик Денсаўлықты сақлаў министрлиги менен биргеликте 2021-жыл 1-февральға шекем усы бәнтте белгиленген тәжирийбе шеңберинде әмелге асырылған жумыслар мониторингин алып барсын және тәжирийбениң унамлы жуўмақлары бойынша оны соңынан турақлы тийкарда енгизиў бойынша тийкарланған усынысларды Министрлер Кабинетине киргизсин.
- 11. Салық ҳәм Бажыхана кодекслерине тийкарланып Корея Республикасы Ҳүкиметиниң грантлары шеңберинде әмелге асырылып атырған жойбарлар, соның ишинде, Ферғана ҳәм Хорезм ўәлаятларында жумыссыз ҳәм бәнт болмаған халықты кәсип-өнерге оқытыў орайларын шөлкемлестириў ушын шеттен алып келинетуғын товарлар, соның ишинде, автотранспорт қураллары, жумыслар (хызметлер) бажыхана төлемлеринен (бажыхана рәсмийлестириўи ушын жыйымлардан тысқары) азат етилгенлиги мағлыўмат ушын қабыл етилсин.
- 12. Төмендегилерге:
Өзбекстан Республикасы Президентиниң 2019-жыл 6-сентябрьдеги «Профессионал билимлендириў системасын буннан былай да жетилистириўге байланыслы қосымша илажлар ҳаққында»ғы ПП-5812-санлы Пәрманына муўапық кәсипке оқытыў орайларын шөлкемлестириў ушын Министрлик системасына берилген кәсип-өнер колледжлериндеги сырт ел грант ҳәм кредитлери есабынан сатып алынған үскенелерден усы кәсипке оқытыў орайларында жумыссыз ҳәм бәнт болмаған халықты кәсип-өнерге оқытыў мақсетлеринде пайдаланыў;
Жумыссыз ҳәм бәнт болмаған халықты, сондай-ақ, шөлкемлестирилген мийнет миграциясы жолы менен сырт мәмлекетлерде ислеў ушын кетип атырған ҳәм «labor-migration» бағдарламасы комплексинде дизимге алынған пуқараларды исбилерменлик көникпелери, шет тиллери ҳәм кәсип-өнерге таярлаў, қайта таярлаў ҳәм маманлығын арттырыў ушын кетиўден алдын мәмлекетлик ямаса мәмлекетлик емес кәсип-өнерге оқытыў мәкемелерине, өндиристиң өзинде оқытыў ушын шөлкем ҳәм «уста-шәкирт» мектеплеринде Бәнтликке жәрдем бериў мәмлекетлик коры қаржылары есабынан ҳәр бир билим алыўшы ушын бир айда базалық есаплаў муғдарының 4 есесинен аслам болмаған муғдарда грантлар ажыратыў;
Аймақлық мийнет уйымлары тәрепинен дизимге алынған жумыссыз ҳәм бәнт болмаған халықты Бәнтликке жәрдем бериў мәмлекетлик қоры қаржылары есабынан исбилерменлик көникпелерин ҳәм маманлығын арттырыў мәмлекетлик ямаса мәмлекетлик емес кәсип-өнерге оқытыў мәкемелеринде, тиккелей өндиристиң өзинде оқытыў ушын шөлкем және «уста-шәкирт» мектеплери менен тиккелей шәртнамалар дүзиў тийкарында әмелге асырыўды нәзерде тутатуғын усынысларға келисим берилсин.
- 13. Өзбекстан Республикасы Бас министриниң кеңесгөйи – Сырт елде ўақтыншалық мийнет етип атырған Өзбекстан Республикасы пуқараларының ҳуқықларын қорғаў ҳәм халықаралық экономикалық бирге ислесиў мәселелери департаментиниң баслығы Министрлик және Сыртқы ислер министрлиги менен биргеликте:
үш ай мүддетте Өзбекстан Республикасы пуқаралары көпшиликти қураған Россия Федерациясының Москва, Санкт-Петербург, Қазан, Екатеринбург, Новосибирск қалаларында ҳәм басқа аймақларында мәмлекетлик ҳәм мәмлекетлик емес билимлендириў мәкемелери ҳәм орайлары менен сөйлесиўлер алып барып, усы аймақларда мийнет етип атырған Өзбекстан Республикасы пуқараларын кәсип-өнерге ҳәм рус тилине, әсиресе, кешки ўақыт (жумыс ўақтынан кейин) оқытыўды шөлкемлестириў, соның ишинде, оқытыў ушын орын, оқыў қолланбасы ҳәм оқыў қураллары менен тәмийинлеў бойынша өз-ара келисимлерге ерисиў илажларын көрсин;
еки ай мүддетте Россия халықлар дослығы университети (РУДН), «Молодые профессионалы (WorldSkills Russia)» аўқамы және басқа да билимлендириў ҳәм кәсипилк маманлықты баҳалаў мәкемелери менен Өзбекстан Республикасы пуқараларының Россия Федерациясында кәсип-өнерге ҳәм рус тилине оқытылыўын шөлкемлестириўде бирге ислесиўди орнатыў илажларын көрсин;
бир ай мүддетте сырт елде мийнет етип атырған Өзбекстан Республикасы пуқараларын ҳуқықый, социаллық ҳәм мәдений-гуманитарлық қоллап-қуўатлаў, олардың мийнет етиўиы ушын қолайлы шараятлар жаратыў бойынша усынысларды ислеп шықсын ҳәм Министрлер Кабинетине киргизсин.
Өзбекстан Республикасы пуқараларын Россия Федерациясында кәсип-өнерге ҳәм рус тилине оқытыў қәрежетлери Министрлик жанындағы Сырт елде мийнет ететуғын пуқараларды қоллап-қуўатлаў және олардың ҳуқықлары менен мәплерин қорғаў қоры қаржылары есабынан қапланатуғынлығы белгилеп қойылсын.
- 14. Кәмбағал ҳәм жумыссыз пуқараларды кәсип-өнерге үйретиў ҳәм олардың бәнтлигин тәмийинлеўдиң нәтийжели системасын енгизиў мақсетинде усы қарар төмендеги тәртипте орынлансын:
а) Кәмбағал ҳәм жумыссыз пуқараларды кәсип-өнерге үйретиў ҳәм олардың мийнет етиўин арттырыў бойынша республикалық жумысшы топардың баслығы Ж.А.Қўчқоров усы қарарға муўапық мәмлекетлик ҳәм мәмлекетлик емес кәсип-өнерге оқытыў мәкемелериниң нәтийжели жумыс ислеўин және сапалы ҳәм халықаралық стандартларға жуўап беретуғын кәсип-өнерге оқытыў системасы енгизилиўин шөлкемлестирсин, сондай-ақ, усы мақсетте ажыратылып атырған қаржылардың мәнзилли жумсалыўын тәмийинлесин;
б) бәнтлик ҳәм мийнет қатнасықлары министри Н.Б.Ҳусанов:
жумыссыз ҳәм бәнт болмаған халықты мийнет базарының ағымдағы және перспективадағы талаплары тийкарында қысқа мүддетлерде заманагөй кәсиплик көникпелерге оқытыўдың нәтийжели бағдарламаларын ислеп шықсын;
халықтың социаллық жәрдемге мүтәж категорияларын, әсиресе, майыплығы болған шахсларды кәсип-өнерге таярлаўда ҳәм олардың бәнтлигин тәмийинлеўде жеке меншик сектордың ўәкиллери менен тығыз бирге ислессин ҳәм оларды материаллық қоллап-қуўатласын, соның ишинде, грантлар ажыратып барсын;
Әдиллик министрлиги, ғалаба хабар қураллары және басқа да жуўапкер министрликлер ҳәм уйымлар менен биргеликте бир ҳәпте мүддетте усы қарардың мазмун-мәнисин орынлаўшыларға, шөлкемлерге, пуқаралық жәмийети институтларына ҳәм халықтың итибарына жеткериў мақсетинде илажлар бағдарламасын тастыйықласын;
усы қарарға тийкарланып ажыратылып атырған қаржылар бойынша олардың жумсалыў бағдарлары, нәтийжелилик көрсеткишлери бойынша мағлыўматларды ҳәр шеректиң жуўмағы бойынша жәмийетшиликке жәрияласын ҳәм өзиниң рәсмий веб-сайтында жайластырып барсын;
усы қарардың орынланыў жағдайы ҳаққындағы есабатларды ҳәр шеректиң жуўмағы бойынша Өзбекстан Республикасы Президенти Администрациясы ҳәм Министрлер Кабинетине киргизип барсын және ғалаба хабар қуралларында жәриялап барсын;
Жоқары ҳәм орта арнаўлы билимлендириў министрлиги менен биргеликте оқытыў процесслерине жоқары тәжирийбели оқытыўшы ҳәм өндирислик билим бериў усталарының тартылыўын тәмийинлесин, зәрүр жағдайларда, олардың тәжирийбесин WorldSkills ҳәм басқа да халықаралық стандартларға тийкарланып арттырып барсын;
в) Қарақалпақстан Республикасы Министрлер Кеңеси Баслығы, ўәлаятлар ҳәм Ташкент қаласы ҳәкимлери бир ай мүддетте ҳәр бир район ҳәм қала кесиминде кәмбағал ҳәм жумыссыз пуқараларды, әсиресе, материаллық жәрдем ҳәм көмекке мүтәж шаңарақлардың дизимлерине («темир дәптер») киргизилген шаңарақларды кәсип-өнерге үйретиў ҳәм олардың мийнет белсендилигин арттырыў бойынша аймақлық бағдарламаларды тастыйықласын ҳәм орынланыўын Министрлик пенен биргеликте тәмийинлесин;
г) Өзбекстан Республикасы Бас министриниң кеңесгөйи – Сырт елде ўақтыншалық мийнет етип атырған Өзбекстан Республикасы пуқараларының ҳуқықларын қорғаў ҳәм халықаралық экономикалық бирге ислесиў мәселелери департаментиниң баслығы мәмлекетлик ҳәм мәмлекетлик емес кәсип-өнерге оқытыў мәкемелериниң сырт елде ислеў нийети болған питкериўшилерин сырт мәмлекетлердеги потенциаллы жумыс бериўшилер менен тығыз бирге ислесиўин орнатсын;
д) Есап палатасы ҳәм Қаржы министрлиги усы қарарға муўапық әмелге асырылып атырған қәрежетлердиң нәтийжелилигин және нызамшылығын орнатылған тәртипте тексерип барсын.
- 15. Өзбекстан Республикасы Президентиниң айырым ҳүжжетлерине 7-қосымшаға муўапық өзгерислер ҳәм қосымшалар киргзилсин.
- 16. Министрлик мәпдар министрликлер ҳәм уйымлар менен биргеликте еки ай мүддетте нызам ҳүжжетлерине усы қарардан келип шығатуғын өзгерислер ҳәм қосымшалар ҳақында Министрлер Кабинетине усыныслар киргизсин.
- 17. Усы қарардың орынланыўын қадағалаў Өзбекстан Республикасы Бас министри А.Н.Ариповқа жүкленсин.
Өзбекстан Республикасы
Президенти Ш.МИРЗИЁЕВ
Ташкент қаласы,
2020-жыл 11-август