ӘДИЛЛИК БӨЛИМЛЕРИНДЕ

                                      

Қараөзек районы Әдиллик бөлиминиң араласыўы менен өткен жылы пахта жыйын-теримине қатнасқан 42 отряд баслығының жәми 47 миллион 185 мың сум мийнет ҳақысы алып берилди.

-Бул пахта жыйын-терим мапазында отряд баслықлары болып ислеген З.К.,Р.А., Қ.Қ., Б.Т ҳәм жәми 38 пуқараның мийнет ҳақыларын өндирип бериў бойынша жоллаған мүрәжатынан мәлим болды,-дейди районлық Әдиллик бөлиминиң баслығы Оралбай Джуманиязов.-Нәтийжеде, 42 отряд баслығының бир жылдан берли ала алмай киятырған жәми 47 миллион 185 мың сум мийнет ҳақысы усы жылдың июль айында нақ пулда төлеп берилди.

Өзбекстан Республикасы Министрлер Кабинетиниң 2019-жыл 9-сентябрьдеги «2019-жылдың пахта өнимин жыйып-терип алыў жумысларын шөлкемлескенлик пенен өткериў илажлары ҳаққында»ғы қарарына муўапық,  пахта жыйын-терими мәўсиминде (пахта-тоқымашылық өндирис кәрханалары ҳәм кластерлер жумыс алып баратуғын аймақлардан тысқары) ўақтыншалық жумыссыз пуқаралардан тайынланатуғын терим отряды баслықларына ҳәр айда 2 миллион сумнан және тәжирийбе ретинде  шөлкемлестирилип атырған пахта терими орайларының баслықларына (мененджерлери) ҳәр айда 3 миллион сумнан бурынғысынан басқаша тәризде  пуқаралық-ҳуқықый шәртнамалар тийкарында Өзбекстан Республикасы Бәнтлик ҳәм мийнет қатнасықлары министрлиги жанындағы Жәмийетлик жумыслар қоры есабынан мийнетке ҳақы төлеў ҳаққындағы усынысы мақулланған.

Бирақ, соған қарамастан Қарақалпақтан Республикасы Бәнтлик ҳәм мийнет қатнасықлары министрлиги тәрепинен тийисли қаржылар ажыратылмағанлығы себепли, 42 отряд баслығының тийисли мийнет ҳақысы бир жылдан бери төленбей келген.

Алдағы ўақытлары бундай жағдайлардың алдын алыў ҳәм нызам бузылыўға  жол қойған хызметкерлерге шара көриў мақсетинде Қарақалпақтан Республикасы Бәнтлик ҳәм мийнет қатнасықлары министрлигине усыныснама киргизилди.

        

Д.АБИБУЛЛАЕВ,

Қарақалпақстан хабар агентлигиниң шолыўшысы