4-август  күни пайтахтымыздағы И.В.Савицкий атындағы Қарақалпақ мәмлекетлик көркем өнер музейинде Өзбекстанға мийнети сиңген  көркем өнер ғайраткери, «Буюк хизматлари учун» ордени ийеси, Қарақалпақстан халық художниги, музейдиң тийкарын салыўшы художник ҳәм музейдиң биринши директоры Савицкий Игорь Витальевичтиң  105 жасқа толыўы мүнәсибети менен художник дөретпелеринен ибарат «Қум ҳәм қуяш» атамасында онлайн көргизбе  шөлкемлестирди.

Онлайн көргизбеде И.В.Савицкийдиң өмири ҳәм дөретиўшилиги, ислеген пидайы мийнетлери ҳаққында кең түрде сөз етиледи. Сондай-ақ көргизбеде  художниктиң живописьлик, графикалық жумыслары менен бир қатарда музей архивинде сақланып атырған жеке ҳүжжетлери, фотосүўретлери орын алған.

Художниктиң дөретиўшилигинде Москва дәўирине тийисли бир неше живописьлик ҳәм графикалық жумыслары болып, бул дәўирди натюрморт жанрында дөретилген картиналар арқалы көремиз. Атап айтқанда, «Айна менен натюрморт», «Гүллер ҳәм Венера мүсини менен натюрморт» усылар қатарына киреди.

– И.В.Савицкий   көркем өнерге жанкүйер, өзиниң пүткил өмирин усы тараўға бағынлаған пидайы инсан. Ол живопись, көркем өнертаныўшы, этнограф, археолог, реставратор ҳәм бул дизимди еле даўам еттирсекте аз. Оның дүнья жүзине белгили болыўы жыйнаған дүрдана коллекциясына  байланыслы, – дейди музей директорының  илимий ислер бойынша  орынбасары Бахтияр Серекеев.- Бүгинги күнде И.В.Савицкийдиң    аты ҳәм ол тийкар салған музей дүнья жүзине белгили музейлердиң бири болып «Сахрадағы Лувр», «Шығыс гәўҳары» деп аталады.

Сондай-ақ, көргизбеде «Палўан- Пир ата мавзолейи шарбағы», «Хийўадағы азан»,  «Нөкис. Канн гүллери», «Гүл бақша», «Көгилдир аллея» дөретпелери орын алған болып, дөретпелер адамды ериксиз өзине тартып, олар арқалы художниктиң тәбиятқа болған итибарын, муҳаббатын билиўимизге болады.

 

Т.СЕЙТНАЗАРОВА,

Қарақалпақстан хабар агентлиги шолыўшысы