Адамлар коронавирусқа қарсы вакцинаны тек ғана 2021-жылдың биринши ярымынан баслап ала баслайды, деди ЖДСШның денсаўлықты сақлаў бойынша айрықша жағдайлар бағдарламасының директоры Майкл Раян.
Оның шығып сөйлегени Twitterде көрсетилди.
Раянның атап өтиўинше, вакцина ислеп шығарыўда табыслардың атап өтилгенине қарамастан, препаратты алыў мүддетине реалист болыўымыз керек.
Ол сондай-ақ, ЖДСШ вакцина менен ҳәммени тәмийинлеў мәселеси үстинде жумыс алып барып атырғанын айтып өтти.
«Эпидемияға қарсы ислеп шығарылатуғын вакцина тек ғана байлар ушын емес, кәмбағаллар ушын да емес, олар ҳәмме ушын», – деди Раян.
ЖДСШның соңғы мағлыўматына бола, коронавирус тарқалғаннан берли ҳәзирги ўақытқа шекем дүнья жүзи бойынша инфекцияға шалынғанлардың саны 14,5 миллион адамға жеткен, 607 мыңнан аслам адам қайтыс болды.
ӨзА