Республикалық арнаўлы комиссиясы орайлық штабының ағзасы Жўшқин Қосимов карантинге алынған шаңарақлар, үй шараятында емленип атырған наўқаслар бойынша мағлыўмат берди.

– 22-июль саат 10:00 жағдайына бола, мәмлекет бойынша коронавирустан үй шараятында емленип атырғанлардың саны 1 мың 706 ни қурамақта. Қарақалпақстан Республикасында 58, Әндижан ўәлаятында 136, Жиззақ ўәлаятында 22, Наўайы ўәлаятында 40, Наманган ўәлаятында 21, Самарқанд ўәлаятында 96, Сырдәрья ўәлаятында 156, Сурхандәрья ўәлаятында 101, Қашқадәрья ўәлаятында 21, Ташкент ўәлаяты ҳәм Ташкент қаласында 1 мың 50 наўқас үйинде емленбекте. Олардың барлығы шыпакерлердиң қадағалаўында болып, керекли усыныслар берип барылмақта. Бийпул дәри-дәрмақлар ҳәм бир мәртелик медициналық маскаларды жеткерип бериў жолға қойылған.

Хабарыңыз бар, 5-июльден баслап коронавирус кеселлиги анықланған наўқасларға үй шараятында емлениўге рухсат берилди. Үйде емлениў әмелиятын өтеп атырған наўқаслар 10 күн даўамында бақлаўда болады. Тесттиң нәтийжелерине қарап, бақлаў бийкар етиледи ямаса даўам еттириледи.

 

ӨзА