Спорттың қылышласыў түриниң республикамызға кирип келгенине онша көп ўақыт болмаған болса да бул спорт түри менен шуғылланыўшы жасларымыз арасынан қәбилетли спортшылар жетилисип шықпақта. Атап айтқанда, усы жылдың 10-15-март күнлери Өзбекстан Республикасы Денетәрбия ҳәм спорт министрлиги тәрепинен спорттың усы түри бойынша жоқары жастағылар арасында өткерилген жарыста Шымбай районлық халық билимлендириў бөлимине қараслы 9-санлы мектептиң 11-класс питкериўшиси Жеткербай Кийикбаев командалық есапта сабля бағдары бойынша сыйлы 3-орынды ийеледи. Усы көрсеткиши менен ол тест сынақларын тапсырмастан Бердақ атындағы Қарақалпақ мәмлекетлик университетиниң студенти болыў бахтына еристи.
Мағлыўмат ушын, Өзбекстан Республикасы Министрлер Кабинетиниң 2008-жыл 13-октябрьдеги «Өзбекстанның қәбилетли жасларын сыйлықлаў ҳәм материаллық хошаметлеў ҳаққында»ғы қарары тийкарында республикалық ҳәм халықаралық жарысларда, Олимпиада, Азия ойынларында, Жәҳән ҳәм Азия чемпионатларында жоқары жетискенликлерге ерискен республикамыздың академиялық лицей, кәсип-өнер колледжи ҳәм улыўма орта билим бериў мектеплериниң оқыўшылары жоқары оқыў орынларына тест сынақларысыз ҳәм қосымша имтиханларсыз қабыл етилиўи белгиленген. Өткен 2018-2019-оқыў жылында 11 спортшы усындай бахытқа миясар болған болса, 2019-2020-оқыў жылында 28 спортшы жеңиллетилген түрде жоқарғы оқыў орнына қабылланды.
М.ПИРНАЗАРОВА,
Қарақалпақстан хабар агентлигиниң шолыўшысы