Нөкистеги Арқа-батыс әскерий округинде мүддетли әскерий хызметти өтеп атырған әскерлердиң Ўатанға ант бериўине бағышланған салтанатлы мәресим болып өтти. Әскерий ант бериўге бағышланған салтанатлы илаж әдеттегиден өзгеше – коронавирус карантини талаплары тийкарында барлық қәўипсизлик қағыйдаларына муўапық шөлкемлестирилди.

 

 

Президент саўғасы, округ командириниң қутлықлаўы ҳәм өзиниң сүўрети түсирилген буклет әскерлер ушын үлкен ҳүрмет ҳәм итибардың белгиси болып табылады.

 

 

Арқа-батыс әскерий округинде өткерилген мәресимде әскерлерге усындай өзине тән саўғалар тапсырылды.

-Бүгин Ўатанға ант бердим. Бул ўақыя өимиримдеги ең умытылмас ўақыя болды, -дейди мүддетли әскерий хызметкер Нурмат Норбоев.  – Мениң әскер болыў әрманым орынланды. Ант еткенимдей, Ўатанамыздың тынышлығы, елимиздиң абаданлығы ушын хызмет ўазыйпамды сөзсиз ҳәм ҳүжданлы атқараман.

Бүгин миллий армиямыз тек қолына қурал алып әскерий бөлимлерде емес, ал, ҳәр қандай машақатлы жағдайларда халқымыздың аўырын жеңиллетиўге, елиниң мәпи ушын ҳәр қандай қыйыншылықларды жеңиўге таяр екенлигин дәлийллеп бермекте.

Пүткил дүньяда, сол қатары елимизде ҳүким сүрип атырған карантин шараятында да мүддетли әскерий хызметти өтеўди өзиниң Ўатан ҳәм шаңарағы алдындағы муқаддес ўазыйпасы деп есаплаған жигитлер мақтаўға ылайықлы. Оларға машақатлы ҳәм мақтанышлы ўазыйпаларында күш-қуўат, үлкен табыслар тилеп қаламыз.

 

 

 

 

 

 

 

 

 

 

Қарақалпақстан хабар агентлиги.

М.ҲӘБИЙБУЛЛАЕВ тың түсирген сүўретлери.