Өзбекстан Республикасы Президенти Шавкат Мирзиёевтиң басшылығында 14-июль күни жаслар ҳәм ҳаял-қызлардың бәнтлигин арттырыў, оларды дәрамат дәреги менен тәмийинлеў мәселелери бойынша видеоселектор мәжилиси өткерилди.
Ярым жылдан берли пүткил дүнья күшейтилген карантин шараятында жасамақта. Бул қыйын дәўирде ҳәмме мәмлекетлерде ең тийкарғы машқала халықтың жәрдемге мүтәж қатламларын қоллап-қуўатлаў, дәрамат пенен тәмийинлеў болып қалмақта.
Өзбекстанда жумыссызлардың 732 мыңы жаслар, 834 мыңы ҳаял-қызлар болып табылады.
Жаслардың машқалаларын нәтийжели шешиў мақсетинде быйыл 30-июньде «Өзбекстан Республикасында жасларға байланыслы мәмлекетлик сиясатты түп-тийкарынан реформалаў ҳәм жаңа басқышқа алып шығыў ҳаққында» Президент пәрманы қабыл етилди. Усы пәрманға муўапық, жаслар сиясатын жүргизиўде мәмлекетлик уйымлар алдына мәселе қоя алатуғын, зәрүр ўәкилликке ҳәм финанслық ресурсларға ийе болған Жаслар ислери агентлиги шөлкемлестирилди.
Ҳаял-қызлар менен ислесиў ушын Мәҳәлле ҳәм шаңарақты қоллап-қуўатлаў министрлигинде вертикал система жаратылды.
Мәжилисте мәмлекетимиз басшысы жаслар ҳәм ҳаял-қызлардың машқалаларын шешиў әҳмийетли екенлигин атап өтип, бул бағдарға айрықша итибар қаратыў зәрүр болған бағдарларды көрсетип өтти.
Бәринен бурын, мектеп питкериўшилерин оқыўға ҳәм жумысқа тартыў мәселелери додаланды. Усы жылы улыўма билимлендириў мектеплерин 452 мың ул-қыз тамамлады. Олардың 70 мыңы жоқары билимлендириў, 85 мыңы профессионаллық билимлендириўге киреди. 95 мыңнан асламы жумысқа жайласқан жағдай да, және 200 мыңға шамалас жаслардың бәнтлигин тәмийинлеў зәрүрлиги атап өтилди.
Мектептен-ақ кәсипке оқытыў системасы енгизилиўи белгиленди. Гезектеги оқыў жылынан баслап мектеп директоры ҳәм оқытыўшыларға оқыўшылардың жоқары билимлендириўге кириўи, өз жумысын табыўы дәрежесине қарап арттырылған мийнет ҳақы төленеди. Оның ушын 7-класстан баслап оқыўшылардың кәсиплер кесиминде қызығыўшылығы анықланады. 8-9-класс оқыўшылары программист, дизайнер, аўдармашы сыяқлы перспективалы кәсиплер ушын тийкар болатуғын билим ҳәм көнликпелерди ийелейди. 10-кластан робототехника, программалаў сыяқлы талап жоқары кәсиплерге үйретиў жолға қойылады.
Усы жылдың ақырына шекем мәҳәллелерде 136 кәсип-өнер оқытыў орны, қысқа мүддетли кәсип-өнерге оқытыў курсларын шөлкемлестирип, 31 кәсип-өнерге оқытыў орайларын үскенелеў бойынша тапсырма берилди. Бул мақсетлер ушын Кризиске қарсы гүресиў қорынан Бәнтликке көмеклесиў қорына 200 миллиард сумм ажыратыў, оқыў курсларын, бәринен бурын, кәмбағаллық ең жоқары болған мәҳәллелерде шөлкемлестириў керек екенлиги атап өтилди.
Мәжилисте мийнет базарындағы бүгинги талап ҳәм жаслардың оларға таярлығы мәселеси де талланды.
Быйылғы оқыў жылында 339 кәсип-өнер мектеплери, 212 колледж, 175 техникумда 215 мың жаслардың билим алыўы режелестирилген. Бирақ бул билимлендириў орынларындағы бағдарлар я сан, я сапа бойынша талапқа жуўап бермейди.
Мысалы ушын, елимизде үлкен көлемде қурылыслар болып атырған бүгинги дәўирде жылына кеминде 50 мың профессионал қурылысшыға талап бар. Бирақ, қурылыс бағдарында 170 колледжде 13 мың қәниге таярлаў режелестирилген.
Ямаса IT-технологиялар бойынша «Бир миллион программист» жойбары басланғанына қарамастан, кәсип-өнер мектеплери, колледж ҳәм техникумларға усы қәнигеликлер бойынша 12 мың оқыўшы ғана қабыл етиледи.
Мәмлекет басшысы усындай кемшиликлерди көрсетип, мийнет базарында ишки кәсиплерге реал талапты ҳәр бир тармақ ҳәм тараў кесиминде анықлаў, талап жоқары болған кәсиплер бойынша сырт ел қәнигелерин тартқан ҳалда оқытыў бағдарламасын ислеп шығыў бойынша көрсетпелер берди.
Таў-кән, металлургия, нефть-газ, химия, машина қурылысы, қурылыс, электротехника, фармацевтика, азық-аўқат, танспорт-логистика тараўындағы ири кәрханалар ҳәм кластерлер мәмлекет берген жеңилликлер ҳәм преференцияларға жуўап ретинде өзлери ушын жумысшы-қәнигелерди таярлайтуғын инфраструктураны пайда етиўи керек екенлиги атап өтилди. Жуўапкерлерге бул бойынша тапсырмалар берилди.
Бәнтлик ҳәм мийнет қатнасықлары министрлигине коммерциялық банклер менен биргеликте жасларды заманагөй агротехнологиялар бойынша оқытыўды шөлкемлестириў ўазыйпасы қойылды.
Ҳәммемизге белгили, Президент Шавкат Мирзиёев елимиз аймақларына сапарлары ўақтында IT-парклерди барып көреди, мәлимлеме технологиялары бойынша жойбарларға айрықша әҳмийет қаратады. Себеби, бул тараўда жасларды жумыс ҳәм жоқары дәрамат пенен тәмийинлеў ушын үлкен имканиятлар бар.
Видеоселектор мәжилисинде бул мәселеге де тоқтап өтилди. Ҳәр бир районлық ҳәм қалалық Жаслар ислери бөлимлери ҳәм жоқары оқыў орынларының жанында мәлимлеме технологияларына оқытыў орайларын шөлкемлестириў бойынша тапсырма берилди.
Быйылғы жылы 380 мың жумыссыз жастың бәнтлигин тәмийинлеў бойынша қала ҳәм районлар кесиминде «мәнзилли режелер» ислеп шығылып, жергиликли кеңеслерде тастыйықланған еди. Нәтийжеде өткен алты айда 270 мың жигит-қыз жумысқа орналастырылды.
Мәжилисте бағдарламаның барлық жерде бирдей орынланбай атырғаны атап өтилип, жуўапкерлер ескертилип өтилди.
Жыл ақырына шекем жаслардың 360 миллиард сумлық 2 мың 200 жойбарын әмелге асырыў арқалы кеминде 10 мың жаңа жумыс орнын жаратыў мүмкин екенлиги атап өтилди.
Жаслар ушын және бир әҳмийетли жаңалық – Исбилерменлик жумысын қоллап-қуўатлаў мәмлекетлик қоры жанында Венчур қорының шөлкемлестирилиўи белгиленди. Бул қорға дәслеп 1 миллион доллар қаратылады.
Сондай-ақ, стартап жойбарлар таңлаўын шөлкемлестириў арқалы усы жылы ҳәр бир ўәлаятта кеминде 10, келеси жылдан баслап жылына кеминде 20 ең жақсы стартап жойбарларға 50 миллионнан 200 миллион сумға шекем грант ажыратылады. Буннан тысқары, қудық қазыў, суўғарыў қуралларын сатып алыў, ыссыхана орнатыў, туқымгершилик ҳәм нәллер сатып алыў ушын жасларға субсидиялар бериледи.
Жас исбилерменлерге ҳуқықый, бухгалтерия, маркетинг, банк ҳәм басқа тараўлар бойынша консалтинг хызметлериниң қәрежетлери қапланады. Президент бул илажлар бойынша жуўапкерлерге көрсетпелер берди.
Видеоселектор мәжилисинде ҳаял-қызларды жумыс пенен тәмийинлеў, социаллық шараятларын жақсылаў мәселелерине де айрықша итибар қаратылды.
Аймақларда 20 мыңға шамалас ҳаял аўыр турмыс шараятында жасайтуғыны, оның көпшилиги профилактикалық есапта туратуғыны өкиниш пенен атап өтилди.
Мәҳәлле ҳәм шаңарақты қоллап-қуўатлаў министрлигине 33 мың 380 ҳаялды турмысқа мотивациялаў ҳәм кәсипке үйретиў бойынша қысқа оқыў курсларын шөлкемлестириў ўазыйпасы қойылды.
Ҳәр бир район ҳәм қала кесиминде ҳаяллар бизнес жойбарларының дизимин қәлиплестирип, айма-ай қаржыландырыў, ҳаял-қызлар исбилерменлиги бағдарламасы шеңберинде әпиўайыластырылған кредитлер ҳәм грантлар ажыратыў бойынша тапсырмалар берилди.
Микроқарыз алыў нийетиндеги жаслар ҳәм ҳаяллар исбилерменликке бийпул оқытылып, жылына 5 мың жас ҳәм ҳаял-қызлардың бәнтлиги тәмийинленеди. 14-июльде қол қойылған исбилерменликти және киши санаат зоналарын раўажландырыўды қаржыландырыўға байланыслы Президент қарарында, соның ишинде, усы мақсетлерге Тиклениў ҳәм раўажланыў қорынан 2 миллион доллар кредит ажыратылыўы белгиленди. Бул қаржы жаслар ҳәм ҳаял-қызлардың жумыссызлығы жоқары болған аўыллық жерлерде жеңиллетилген микроқарыз ажыратыў ушын микроқаржы ҳәм мәмлекетлик емес шөлкемлерге бериледи. Себеби, бундай мәмлекетлик емес шөлкемлер банклерге қарағанда кем ресурслар менен де оқытып, 2-3 есе көп жумыс орнын жаратып атыр.
Сонлықтан мәмлекетлик емес шөлкемлер арасында таңлаў өткерип, ең жақсы оқыў орайына грант ажыратыў системасының енгизилетуғыны белгиленди.
Жәҳән банкиниң 2 миллион доллар қаржысы шеңберинде 15 мың ҳаялдың бәнтлигин тәмийинлеў жойбарларын жеделлестириў әҳмийетли екенлиги атап өтилди.
Мәжилисте додаланған мәселелер бойынша жуўапкер басшылар, Әндижан, Наманган ҳәм Ферғана тәжирийбеси бойынша усы ўәлаятлар ҳәкимлериниң есабы тыңланды.
Мәмлекет басшысы тәрепинен көрилип атырған илажлар тийкарында еки ең тийкарғы мақсет-жаслар ҳәм ҳаял-қызлардың бәнтлигин тәмийинлеў, нәтийжеде шаңарақларға турақлы дәрамат дәрегин жаратыў мақсети жәмлескен.
ӨзА