Коронавирусқа қарсы гүресиў бойынша арнаўлы комиссияның ағзасы Ҳ.Оқиловтың атап өтиўинше, коронавирус инфекциясын жуқтырып алып, кейин ала саўалып шыққан наўқаслардың қан плазмасын наўқасларға қуйыў нәтийже бермеди. Сырт ел тәжирийбесинде де бул нәтийжесиз болғаны себепли Өзбекстанда да бул әмелият тоқтатылған.

 

Мағлыўмат ушын, алдын «ҳаўлықпасыз карантин» ўақтында елимизде пүткиллей жаңа усыл – коронавирустан саўалған адамлардың қан плазмасын наўқаслығы аўыр өтип атырғанларға қуйыў әмелияты басланған еди.

 

Ислам Матеков,

Қарақалпақстан хабар агентлиги.