«NASA» Жерге астероид жақынласып киятырғаны ҳаққында хабар берди. Астероид Айдан да жақын аралықта ушып өтеди. Бул ҳаққында «Xabar.uz» басылымы жазбақта.

 

Өлшемлери 22-49 метр әтирапындағы «2011 ES4» астероиды 1-сентябрьде Жерден 71 805 километр аралықа ушып өтиўи күтилмекте. Бул Айға салыстырғанда оғада жақын (Айдың Жерден қашықлығы 384 400 километрди қурайды). Деген менен, бул астероид оншелли үлкен емес – қәўетерлениўге орын жоқ.

 

«2011 ES4» астероиды Жердиң әтирапында ушып жүретуғын «Аполлон» астероидлары топарына киреди. Усы астероидлар ҳәм Қуяш әтирапында айланып турған Жер орбиталары ўақты-ўақты менен өз ара кесилисип турады. Илимпазлар «2011 ES4» астероидын соңғы мәрте 2011-жылдың март айында көрген еди.

 

Ислам Матеков,

Қарақалпақстан хабар агентлиги.