Республикалық арнаўлы комиссияның қарарына муўапық, автотранспорт қуралларының ҳәрекетлениўине арнаўлы рухсатнамалар (стикер) талап етилмейтуғын жағдайлар дизими тастыйықланды.

 

Усы дизимге төмендегилер киргизилген:

 

– Денсаўлықты сақлаў системасындағы және жеке меншик медициналық шөлкемлер, медициналық-санитариялық ҳәм эпидемиологиялық хызметлер көрсетиўши шөлкемлердиң хызмет және хызметкерлериниң жеке автотранспорт қураллары;

 

– Фармацевтикалық өнимлер (дәри-дәрмақлар ҳәм медициналық буйымлар) ислеп шығарыўшы шөлкемлердиң хызмет автотранспорт қураллары;

 

– Пуқараларға кешиктириўге болмайтуғын қыстаўлы медициналық жәрдем көрсетиў (ҳәмиледарлық, туўыў, дене жарақаты, АИВ/АИЖС, онкологиялық жәрдем, нурланыў терапиясы, гемодиализ жәрдемин көрсетиў, хирургиялық әмелияты зәрүр болғанда, адам өмирине қәўип туўдырып атырған басқа жағдайлар) менен байланыслы жағдайларда медициналық мәкемелерге баратырған ҳәм оннан қайтып киятырған жеке автотранспорт қураллары;

 

– Жолаўшы тасыў хызмети менен шуғылланыў лицензиясына ийе болған жөнелиссиз таксилерге.

 

Бунда:

 

– жолаўшы тасыў ушын автотранспорт қуралының салонында басқарыўшының орынлығы жолаўшылардың орынлығынан реңсиз пластик ямаса арнаўлы плёнка менен тосылған болыўы керек;

 

– басқарыўшы ҳәм жолаўшы медициналық нықапта болыўы (медициналық нықапсыз жолаўшыны тасыў қадаған етиледи) керек;

 

– тек ғана еки жолаўшының автотранспорт қуралы салонының артқы орынлығына өткерилиўи керек;

 

– тек ғана автотранспорт қуралы мәмлекетлик дизимге алынған аймақ шеңберинде (Қарақалпақстан Республикасы, ўәлаятлар ҳәм Ташкент қаласы көлеминде) ҳәрекетлениўи шәрт.

 

– Жеткерип бериў хызмети (кейтеринг) шөлкемлериниң автотранспорт қураллары;

 

– Ыссылық коммуналлық хызмет көрсетиў шөлкемлери – газ, электр энергиясы, ыссылық тәмийнаты, салқын суў, суў ақаба ҳәм шығынды тасыўшы арнаўлы автотранспорт қураллары;

 

– Олий Мажлис палаталары, суд ҳәм прокуратуралық уйымлар, Есап палатасы, Бизнес-омбудсман, Инсан ҳуқықлары бойынша ўәкил (Омбудсман), Инсан ҳуқықлары миллий орайы, Саўда-санаат палатасының хызмет автотранспорт қураллары;

 

– Министрликлер, мәмлекетлик комитетлер, агентликлер, басқа мәмлекетлик уйымлар, хожалық бирлеспелери, жергиликли мәмлекетлик ҳәкимият уйымлары және ғалаба хабар қуралларының хызмет автотранспорт қураллары;

 

– Орайлық банк ҳәм оның аймақлық басқармалары және коммерциялық банклердиң хызмет автотранспорт қураллары;

 

– «Республикалық инкассациялық хызмети» МУК хызмет автотранспорт қураллары;

 

– Сырт еллердиң дипломатиялық ўәкилханалары және «CMD», «D», «UN», «T», «M» ҳәм «X» мәмлекетлик номерли белгилерге ийе болған автотранспорт қураллары, сондай-ақ, дипломатиялық ўәкилханалар, консульлық мәкемелер, Сыртқы ислер министрлигинде аккредитацияланған халықаралық шөлкемлердиң ўәкилханалары, сырт еллердиң ҳүкиметлик шөлкемлериниң ўәкилханалары, саўда ўәкилханалары хызметкерлериниң автотранспорт қураллары (хызмет гүўалығын көрсеткен ҳалда);

 

– Байланыс хызметлерин көрсетиўши шөлкемлер, «Өзбекстан почтасы» АЖ, «Өзбектелеком» АК ҳәм оның шөлкемлери және «Өзинфоком» бирден-бир интеграторы» ЖШЖға тийисли болған хызмет автотранспорт қураллары;

 

– «N1», «N2» ҳәм «N3» категориясына киретуғын автотранспорт қураллары және аўыл хожалығы техникалары;

 

– «Тошшаҳартрансхизмат» АК қурамына киретуғын автобус сарайларының «М2» ҳәм «М3» категориясына киретуғын автотранспорт қураллары;

 

– Жол-патруль хызмети автомобильлери жәрдеминде бақланып баратырған автотранспорт қураллары;

 

– Жерлеў мәресимлеринде хызмет көрсетиўши арнаўлы автотранспорт қураллары (тек ғана жерлеў мәресимлери хызметин көрсетиў мақсетинде);

 

– Мәўсимлик аўыл хожалығы өнимлерин жеткерип бериўши «М1» (бир жолаўшы менен) категориядағы физикалық тәреплерге тийисли жеке автотранспорт қураллары.

 

Ислам Матеков,

Қарақалпақстан хабар агентлиги.