Республикалық арнаўлы комиссияның қарары тийкарында 2020-жыл 10-июльдан баслап республика аймағында автотранспорт қуралларының ҳәрекетлениўин шеклеў бойынша төмендегилерди нәзерде тутатуғын тәртип енгизилмекте:

 

– Қарақалпақстан Республикасы, ўәлаятлар ҳәм Ташкент қаласына автотранспорт қуралларының кириўи ҳәм шығыўы (ўәлаятлар аралық қатнаў) тоқтатылады (Ташкент қаласынан Ташкент ўәлаятына ҳәм Ташкент ўәлаятынан Ташкент қаласына кирип-шығыў буған кирмейди);

 

– жәмийетлик транспорт ҳәрекети тоқтатылады;

 

– автотранспорт қуралларында арнаўлы рухсатнамасыз (стикерсиз) ҳәрекетлениўге тек ғана күнниң белгили бир ўақтында (07:00 ден – 10:00 ге шекем, 17:00 ден – 20:00 ге шекем) тийисли аймақ шеңберинде (Қарақалпақстан Республикасы, ўәлаятлар ҳәм Ташкент қаласы көлеминде) пуқаралардың жумыс орнына барып келиўи, дәри-дәрмақлар, азық-аўқат ҳәм биринши гезекте зәрүр болған өнимлерди сатып алыў ушын ҳәрекетлениўге рухсат бериледи.

 

Бунда автотранспорт қуралларының ҳәрекетлениўи даўамында санитариялық-гигиеналық қағыйдаларға қатаң әмел етиў талап етиледи;

 

– ўәлаятлардың орайлары, Ташкент ҳәм Нөкис қалалары әтирапындағы жол-патруль хызмети орынлары, блокпостлар ҳәм тосықлы постлардың жумыслары ишки ислер уйымлары, Миллий гвардия ҳәм Қорғаныў министрлиги күшлерин және Санитариялық-эпидемиологиялық қадағалаў мәмлекетлик инспекциясының ўәкиллери менен биргеликте күшейтиледи.

 

Карантин дәўиринде пуқаралардың мототранспорт (скутер) ҳәм велосипедте ҳәрекетлениўине тек ғана медициналық нықаптан пайдаланған ҳалда турмыслық зәрүрликлер – дәри-дәрмақлар, азық-аўқат ҳәм биринши гезекте зәрүр болған өнимлерди сатып алыў, шыпакер тексериўинен өтиў, сондай-ақ, жумыс орнына барып-келиў ушын рухсат бериледи.

 

Автотранспорт қуралларының ҳәрекетлениўи ушын Әдиллик министрлигиниң Мәмлекетлик хызметлер орайлары тәрепинен алдын берилген арнаўлы рухсатнамалар (стикер) карантин шеклеўлери әмел етиў дәўиринде қолланылады.

 

Соның менен бирге, рухсатнамасы болмаған ҳалда ҳәрекетленип атырған автотранспорт қуралларының ҳуқықбузарлығына жол қоймаў мақсетинде карантин талапларын бузған адамларға ҳәкимшилик жуўапкершилик шаралары қолланылыўы ҳәм автотранспорт қураллары жәрийма майданшасына орналастырылыўы нәзерде тутылды.

 

Ислам Матеков,

Қарақалпақстан хабар агентлиги.