Алдын хабар берилгениндей, Республикалық арнаўлы комиссияның усы жылдың 30-июнь күнги қарары тийкарында емлеўханаларда ҳәм үй шараятында емленип атырған кеселлик белгилерисиз жеңил түрде өтип атырған наўқасларды 10 күн мүддетте клиникалық белгилери бақланбаған жағдайда бақлаўдан шығарыў әмелияты енгизилген еди.

 

Коронавирус инфекциясын жуқтырып алған наўқаслар менен байланыста болған адамларды карантинде сақлаўдың төмендегилерди нәзерде тутатуғын тәртиби енгизилди:

 

– Коронавирус инфекциясын жуқтырып алған наўқаслар менен байланыста болған адамлар үй шараятында карантинде сақланады;

 

– Карантинде сақлаў мүддети 14 күннен 10 күнге қысқартылады және 10 күн мүддетте коронавирус инфекциясын анықлаў бойынша тест нәтийжелери терис болған жағдайда карантиннен шығарылады;

 

– тест нәтийжелери оң болған жағдайда наўқаста коронавирус инфекциясының клиникалық белгилери бақланса, емлеўханаға жатқарылады, кеселлик белгилерсиз өтип атырған болса, үй шараятында емлениўге өткериледи (үй шараятында емлеўдиң имканияты болмаса, белгиленген тәртипте медициналық мәкемелерде емлеўге өткериледи).

 

Кеселлик белгилерисиз жеңил түрде өтип атырған наўқасларды үй шараятында емлеў, сондай-ақ, наўқаслар менен байланыста болғанларды үй шараятында карантинге алыў тәртиби енгизилиўи себепли Республикалық арнаўлы комиссияның қарарында төмендегилер белгиленди:

 

– үй шараятында емленип атырған наўқаслар және наўқаслар менен байланыста болып, үй шараятында карантинге алынған адамлардың турақлы медициналық бақлаўда болыўы белгиленди;

 

– халыққа, соның ишинде, үй шараятында емленип атырған наўқаслар және карантинге алынған адамларға медициналық мәсләҳәт және мәлимлеме бериўге бағдарланған күни-түни үзликсиз жумыс ислейтуғын «Call-center» жумыслары қойылады;

 

– үй шараятында емленип атырған наўқаслар және карантинге алынған адамларға орнына барған ҳалда медициналық жәрдем көрсетиўге қәнигелескен мобиль топарлар шөлкемлестириледи.

 

Ислам Матеков,

Қарақалпақстан хабар агентлиги.