Усы жылдың 9-июль жағдайы бойынша Қарақалпақстан Республикасында «COVID-19» инфекциясы анықланған наўқаслар улыўма 175 адамды қураған болып, соннан 151 наўқас толық емленип шыққан. Ҳәзирги ўақытта Республикалық жуқпалы кеселликлер емлеўханасында 23 наўқас усы инфекциядан емленбекте. Бул ҳаққында ҚР ДСМ хабар берди.

 

Олар:

 

Нөкис қаласынан – 13 адам;

Әмиўдәрья районынан – 1 адам;

Қоңырат районынан – 2 адам;

Кегейли районынан – 1 адам;

Тақыятас районынан – 1 адам;

Хожели районынан – 1 адам;

Мойнақ районынан – 1 адам;

Басқа ўәлаятлардан – 3 адам (халықаралық жүк тасыўшы автомобиль басқарыўшылары).

 

Кеше, 8-июль күни Қарақалпақстанда улыўма 9 адамда коронавирус инфекциясы менен наўқасланыў жағдайлары анықланған.

 

ӨзР ДСМның кеше, 8-июльдағы мағлыўматларына қарағанда, Қарақалпақстанда усы инфекцияға шалынған 56 жаслы наўқас (ҳаял адам) шыпакерлер тәрепинен стандартлар тийкарында өткерилген реанимациялық емлеў илажларына қарамастан өткир жүрек қан-тамыр ҳәм дем жетиспеўи ақыбетинде қайтыс болған.

 

Ислам Матеков,

Қарақалпақстан хабар агентлиги.