Бүгиннен Өзбекстан ҳүкимети делегациясының Сеул қаласына сапары басланды. Делегация басшысы Өзбекстан Республикасы Бас министриниң орынбасары – инвестициялар ҳәм сыртқы саўда министри Сардор Умурзоқов сапар даўамында дәслеп Корея Республикасы сыртқы ислер министри Кан Гён Хва менен ушырасты.
Ушырасыў ўақтында еки тәреплеме шерикликтиң кең көлемли мәселелери, сондай-ақ, тийкарғы бағдарлар бойынша бирге ислесиўди жеделлестириў перспективалары додаланды. Корея Республикасы Президентиниң 2019-жыл апрель айында Өзбекстанға әмелге асырылған сапары себепли ерисилген мәмлекетлераралық сөйлесиўдиң жоқары дәрежеси атап өтилди. Сапар даўамында бир қатар келисимлер ҳәм шәртнамаларға қол қойылды.
Жер жүзилик денсаўлықты сақлаў шөлкеми тәрепинен дүньяда коронавирус тарқалыўына қарсы гүресиў бойынша ең үлкен табысқа ерискен мәмлекетлерден бири сыпатында белгиленген Кореяның бул бағдардағы алдынғы әмелиятын Өзбекстанда енгизиў перспективалары додаланды. Соның ишинде, пандемияға қарсы гүресиўде халықаралық ҳәрекетлерди бирлестириў ҳәм муўапықластырыўға келисилди.
Буннан тысқары, ҳүкимет ҳәм министрлер дәрежесинде еки тәреплеме илажларды шөлкемлестириўге байланыслы мәселелер көрип шығылды. Өзбекстан ҳәм Корея Бас министрлери орынбасарларының үшинши мәжилиси, сыртқы ислер министрликлери арасында сиясий мәсләҳәтлесиўлер, саўда-экономикалық бирге ислесиў бойынша Өзбекстан-Корея ҳүкиметлераралық комитеттиң гезектеги 10-мәжилиси, сондай-ақ, еки мәмлекет исбилермен топарлары қатнасыўындағы бизнес-форум усылардың қатарына киреди.
Ушырасыў соңында мәмлекетлераралық бирге ислесиўди буннан былай да раўажландырыўдың тийкарғы бағдарлары белгилеп алынды ҳәм улыўма ўазыйпаларды орынлаў ушын биргеликтеги жумысты даўам еттириў бойынша ҳәр еки тәреп таяр екенлиги атап өтилди.
ӨзА