Өзбекстан Республикасы Жоқарғы суды пленумының мәжилисинде мине усы мәселеге итибар қаратылды.
Видеоконференцбайланыс режиминде өткерилген мәжилисте судьялар, суд баслықлары, Жоқарғы суд жанындағы илимий-мәсләҳәт кеңесиниң ағзалары, Конституциялық суд ҳәм Судьялар жоқары кеңесиниң ўәкиллери қатнасты.
Жоқарғы суд баслығы Козимжон Комилов басқарған мәжилисте суд системасын реформалаўға қаратылған әмелий ислердиң даўам етип атырғаны атап өтилди. Судлар еркин, тек ғана нызамға муўапық ис көретуғын структураға айланбақта.
Мәжилисте Жоқарғы суд пленумының «Физикалық ҳәм юридикалық тәреплердиң ҳуқықлары менен мәплерин суд арқалы қорғаў ҳаққында» ҳәм «Өзбекстан Республикасы Жоқарғы судының пленумы ҳәм Өзбекстан Республикасы Жоқарғы хожалық суды пленумының айырым қарарларына өзгерислер ҳәм қосымшалар киргизиў ҳаққында»ғы қарарларының жойбарлары додаланды.
Ҳәммемизге белгили, пуқаралардың Конституция ҳәм нызамларда беккемлеп қойылған ҳуқық ҳәм еркинликлерине қол қатылмай, олардан суд қарарысыз бийкарлаўға ямаса шеклеўге ҳеш кимниң ҳақысы жоқ.
Пленум мәжилисинде додаланған «Физикалық ҳәм юридикалық тәреплердиң ҳуқықлары менен нызамлы мәплерин суд арқалы қорғаў ҳаққында»ғы қарардың жойбары физикалық ҳәм юридикалық тәреплердиң ҳуқықларын ҳәм нызамлы мәплерин суд арқалы қорғаўды күшейтиў мақсетинде ислеп шығылған.
Қарарда суд қорғаўы дегенде, процессуаллық нызамда белгиленген тәртипте әмелге асырылатуғын, физикалық ҳәм юридикалық тәреплердиң бузылған ямаса келиспей атырған ҳуқықлары, еркинликлери ҳәм нызам менен қорғалатуғын мәплерин тиклеўге қаратылған судлардың жумысы түсинилетуғыны беккемленди.
– Судлардың итибары мүрәжатлерди көрип шығыўда оларды тийкарсыз түрде басқа мәмлекетлик уйымларға жибериўге жол қойылмаўына қаратылды, деди Жоқарғы судтың баспасөз хаткери Әзиз Обидов. – Судқа етилген мүрәжатлар процессуаллық нызамларға муўапық түрде ҳәм мазмунда рәсмийлестирилиўи керек екенлигин айтып өтиў орынлы. Мүрәжатлар судқа электрон ҳүжжет түринде де жиберилиўи мүмкин.
Пленум қарарында судлардың итибары мүрәжатлерди көрип шығыў мүддетлерин ҳәм мүрәжат бойынша қабыл етилетуғын қарарларды билдириў ҳаққындағы нызам талаплары, ямаса нызамшылық жағдайын мүрәжаттың тексти жарытылған тилде түсиндириўге сөзсиз әмел етилиўи керек екенлигине қаратылған.
Егер мүрәжатлерде анық бир исти көриўде суд (судья) тәрепинен процессуал нызам нормаларының бузылғанлығы ҳаққындағы дәлиллер келтирилген ҳәм шағымды көриў процесинде бул дәлиллер тастыйықланғанда апелляция, кассация, қадағалаў инстанциясы судлары исти көриў нәтийжеси бойынша жеке ҳүким шығарыўын ҳәм оның нусқасын тийисли судьялар қәнигелик коллегиясына жибериўи зәрүр.
Суд ҳүжжетлериниң орынланыўы зәрүр дәрежеде орынланбай атырғанлығы мәселелери бойынша жоқары туратуғын судларға келип түскен мүрәжатлер «Физикалық ҳәм юридикалық тәреплердиң мүрәжатлери ҳаққында»ғы нызам талапларына тийкарланып Өзбекстан Республикасы Бас прокуратурасы жанындағы Мәжбүрий орынлаў бюросының тийисли аймақлық басқармасына жибериледи.
Физикалық ҳәм юридикалық тәреплердиң ўәкиллерин қабыллаў кестесине тийкарланып, белгиленген күн ҳәм саатларда қабыллаўды дурыс шөлкемлестириў, көшпели қабыллаўлар өткериў ўақты ҳәм орны ҳаққында өз ўақтында хабардар етиў, сондай-ақ, қабыллаў күниниң тийкарсыз түрде көширилиўине жол қоймаўы керек.
Физикалық ҳәм юридикалық тәреплердиң мүрәжатлери тек ғана олардың бузылған ҳуқықларын тиклеў емес, ал судлардың жумысындағы кемшиликлерди анықлаў ҳәм сапластырыў қуралы болып та есапланады. Сонлықтан судларға физикалық ҳәм юридикалық тәреплердиң мүрәжатлерин турақлы түрде таллаў усыныс етилмекте.
Буннан тысқары, мәжилисте «Өзбекстан Республикасы Жоқарғы судының пленумы ҳәм Өзбекстан Республикасы Жоқарғы хожалық суды пленумының айырым қарарларына өзгерислер ҳәм қосымшалар киргизиў ҳаққында»ғы қарар жойбары да додаланды.
Көрип шығылған мәселелер бойынша тийисли қарарлар қабыл етилди.
Пленум мәжилисинде Өзбекстан Республикасының Бас прокуроры Н.Йўлдошев қатнасты.
Н.АБДУРАИМОВА,
ӨзАның хабаршысы