Бүгин, 4-июльдан баслап август айының орталарына шекем Жерден турып космостағы планеталар парадын (бир сызыққа дизилиўин) бақлаў мүмкин болады. Бул ҳаққында «Xabar.uz» басылымы хабар берди.
Москва планетарийсиниң хабар бериўинше, бүгин, шемби түнинен (тү ортасында) аспандағы Юпитер ҳәм Сатурнды, Ташкент ўақты менен саат 04:00 лерден баслап Марс ҳәм таң атыўына жақын ўақытларда Венера планетасын әпиўайы көз бенен де бақлаў мүмкин. Ҳәзир Қуяштың жақтысында көринбей турған кишкене Меркурий болса 22-июльға келип өзин көрсетеди.
Усыларды мәлим еткен Москва планетарийсиниң илимий директоры Фаина Рублёва аспан денелериниң бир сызыққа дизилиўи сийрек жүз беретуғын қубылыс болса да, адамлар ушын басқа әҳмийетли тәрепи жоқ екенлигин атап өткен.
«Бул планеталардың әпиўайы ғана бир сызықта гезектеги қайта топланыўы. Бул мәлим ҳәм үйренилген қубылыс. Илим ушын буның қызығы жоқ, қандайда бир дәлил алыўдың имканы жоқ», – деген қәниге.
Мәлим болыўынша, бундай қубылыс соңғы мәрте 20 жыл алдын жүз берген екен.
Хабарда жазылыўынша, илимпазлардан парқлы түрде, астрологлар «Планеталар парады» жақсылықтың белгиси емес, деп адамларды қорқытып атыр екен. Коронавирус еле де күшейип, экономикалық кризис, климатлық өзгерислер күшейеди, деп айтып атырғанлары ушыраспақта.
Бирақ, бул илимий көзқарастан ҳеш қандай зыянсыз «космослық тамаша» болып табылады.
Ислам Матеков,
Қарақалпақстан хабар агентлиги.