Қазақстанда коронавирус инфекциясы менен наўқасланыў жағдайларының көбейип атырғаны себепли 5-июльдан баслап 14 күнлик карантин шеклеў илажлары енгизиледи.

 

Еки ҳәпте даўамында ғалабалық илажлар өткериў қадаған етиледи ҳәм адамлардың ҳәрекетлениўи шекленеди. Атап айтқанда, 3 адамнан артық биргеликте көше ҳәм қыябанларда жүриўи мүмкин емес, жасы 65 тен өткенлердиң көшеге шығыўы қадаған етиледи.

 

Гөззаллық салонлары, жабық базарлар ҳәм диний мәкемелер, мектепке шекемги билимлендириў мәкемелери, саўда орайлары ҳәм басқа бир қатар объектлердиң жумыслары тоқтатылады.

 

Мәмлекетлик уйымлар, мәкемелер, компания ҳәм шөлкемлерде социаллық аралық сақланыўы талап етиледи.

 

Медициналық орайлар, дәриханалар, азық-аўқат дүканлары ҳәм ашық базарлардың жумыслары даўам етеди.

 

Зәрүрлик болса, карантин шеклеўлери узайтылыўы ямаса еле де қатаңласыўы мүмкин.

 

Ислам Матеков,

Қарақалпақстан хабар агентлиги.