Өзбекстан Республикасы Министрлер Кабинетиниң усы жыл 16-июньдеги «2020-жыл июнь-август айларында «Жанажан елимниң абаданлығына өз үлесимди қосаман!» сүрени астында Ҳәрекетлер режесин әмелге асырыў ҳаққында»ғы Қарары тийкарында республикамызда избе-из жумыслар баслап жиберилди. Қанлыкөл районында да усы сүрен менен «Абат шаңарақ», «Абат көше», «Абат мәҳәлле» бағдарламалары шеңберинде аймақларда оңлаў ҳәм абаданластырыў илажлары әмелге асырылмақта.

Бундай қайырқомлық жумысларда Районлық Мәҳәлле ҳәм шаңарақты қоллап-қуўатлаў бөлими де белсене қатнаспақта. Бөлимниң хабар бериўинше, ҳәрекеттиң ҳәр күнлик бағдарлары белгилеп алынып, орынларда даўам еттирилмекте. Атап айтқанда, кем тәмийинленген шаңарақлардың үй әтирапларын абаданластырыў, үй сыртларын ҳәклеў ҳәм оңлаўға мүтәж жерлерин тәртипке келтириў сыяқлы жумыслар исленбекте. Райондағы зыяратлаў орынлары, қойымшылықлар абаданластырылмақта. Бул қайырлы илажларға районның жасы үлкен ата-аналары да өз үлесин қоспақта.

Бундай қайырқомлық илажлар ата-бабаларымыздан киятырған ең әййемги ҳәм мәңгилик қәдриятларымыздан бири болып табылады. Оның  тийкарында халқымыздың  ўатанды сүйиў, елди абаданластырыў, басқаларды ҳүрмет етиў ҳәм абадан турмыс қурыўға болған умтылыслары жатады.

 

Қарақалпақстан хабар агентлиги