2017-жылға шекем улыўма орта билим бериў мектеплериниң имаратын жаңадан қурыў, реконструкциялаў ҳәм капитал оңлаў тек инвестициялық бағдарлама тийкарында әмелге асырылған. 2018-жылдан баслап Президентимиздиң басламасы менен «Абат аўыл» ҳәм «Абат мәҳәлле» бағдарламалары менен жаңадан қурылып, реконструкцияланып, капитал оңланып атырған улыўма билим бериў мектеплериниң саны кескин артты. Атап айтқанда, Тахтакөпир районында бүгинги күнде усы бағдарламалар шеңберинде мектеплерди жаңа оқыў жылына таярлаў мақсетинде қурылыс-оңлаў жумыслары қызғын алып барылмақта.

Райондағы «Атакөл» аўыл пуқаралар жыйыны аймағында жайласқан 8-санлы улыўма орта билим бериў мектебиниң имараты 1988-жылы 624 оқыўшыға мөлшерленип қурылып, пайдаланыўға тапсырылған. Бүгинги күнде мектепте жәми 417 оқыўшы билим алмақта. Бағдарлама тийкарында мектеп имаратына 4 миллиард 40 миллион сум қаржы ажыратылып, реконструкция жумыслары алып барылыўы режелестирилген. Бүгинги күнде «Нукус технология строй базис» ЖШЖ тәрепинен қурылыс-оңлаў жумыслары басланып, буның ушын кәрхананың 35 ке шамалас жумысшылары қамтып алынған. Спорт ҳәм мәжилислер залларының төбесин қайта шиферлаў, мектептиң жаңа имаратының фундаментин қуйыў толығы менен жуўмақланды. Бүгинги күнде гербиш өриў жумыслары алып барылмақта.

Усындай қурылыс жумыслары «Тахтакөпир» посёлкалық пуқаралар жыйыны «Дослық» гүзары көшесинде жайласқан 3-санлы қәнигелестирилген мәмлекетлик улыўма орта билим бериў мектебинде де әмелге асырылды. 1966-жылы 526 оқыўшы орнына мөлшерлеп салынған мектепте бүгинги күнде 18 класта 818 оқыўшы билим алып, оларға 83 педагог тәлим-тәрбия берип келмекте.

2020-жылы мектеп имаратына капитал оңлаў жумысларын алып барыў ушын 2 миллиард 649 миллион 200 мың сум қаржы ажыратылған. Оңлаў жумыслары «Кегейли қурылыс басқармасы» ЖШЖ тәрепинен алып барылмақта.

Мектептиң ыссылық системасын жаңалаў, ағаш полларын қайта оңлаў, айна ҳәм қапыларды алмастырыў, имарат ҳәўлисин темир қорғанша менен ораў жумысларын алып барыў белгиленген. Соннан бүгинги күнде имарат төбесин шиферлаў, айна блокларын алмастырыў толығы менен орынланып, 1 миллиард 907 миллион сумлық 72 процент жумыс көлеми ислеп питкерилди.

Сондай-ақ, «Ғәрезсизлик» мәкан пуқаралар жыйыны Дослық гүзәры көшесинде жайласқан 6-санлы улыўма орта билим бериў мектебиниң имаратына капитал оңлаў жумысларын алып барыў ушын 3 миллиард 165 миллион 800 мың сум қаржы ажыратылған. Оңлаў жумыслары «Qaraqalpaqwindows» ЖШЖ тәрепинен алып барылмақта. Имарат 1994-жылы 704 оқыўшы орнына мөлшерленип, қурылып пайдаланыўға тапсырылған. Ҳәзирги ўақытта мектепте 508 оқыўшыға 53 педагог-оқытыўшылар тәлим-тәрбия берип келмекте.

Тастыйықланған сметалық ҳүжжетлер бойынша мектепте имарат төбесин шиферлаў, айналарды, электр проводларын алмастырыў, дийўалларды, ағаш полларды оңлаў, ысытыў системаларын өзгертиў жәми 2 миллиард 507 миллион сумлық 74 процент жумыс көлеми питкерилди. Алдында мектептиң төбесин шиферлаў, имарат әтирапын қоршаў жумысларын алып барыў режелестирилген.

«Қараой» аўыл пуқаралар жыйыны аймағында жайласқан 10-санлы улыўма орта билим бериў мектебиниң имараты 1986-жылы 2 қабатлы етип, 624 оқыўшы орнына мөлшерленип, қурылып пайдаланыўға тапсырылған.

2020-жылы мектеп имаратына оңлаў жумысларын алып барыў ушын 1 миллиард 64 миллион сум қаржы ажыратылған. Оңлаў жумыслары «Глобал продукт» ЖШЖ тәрепинен алып барылмақта.

Имарат төбесин шиферлаў, мектеп әтирапын қоршаў, айна блокларын орнатыў жумыслары толығы менен питкерилди. Бүгинги күнде мектептиң абаданластырыў жумыслары алып барылмақта.

Қурылыс жумыслары алып барылып атырған «Өзбекстан» мәкан пуқаралар жыйыны аймағындағы 11-санлы улыўма орта билим бериў мектебиниң имараты 1976-жылы 250 оқыўшы орнына мөлшерленип қурылған болып, ҳәзирде 132 оқыўшы оқыйды.

Бүгинги күнде әмелге асырылыўы тийис болған қурылыс жумыслары – көмир қоймаханасының гөнергенлиги себепли қайта оңлаў ҳәм шиферлаў, ески спорт залдың 6 айна блогын заманагөй айна блокларына алмастырыў, 6 дана cыртқа шығыў қапы блокларын өзгертиў, сыртқы ҳәм ишки дийўалларды пардозлаў жумысларын алып барыў зәрүр.

Соннан бүгинги күнге имараттың сыртқы ҳәм ишки дийўалларын  сыбаў, бояў жумыслары «Айдос-Тимур» жеке меншик кәрханасы тәрепинен алып барылмақта.

Қурылыс жумыслары себепли бул оқыў орынлары аймағының, оларға баратуғын жоллардың жақсыланыўы, әтирапының қоршалыўы, ишимлик суўы менен тәмийинлениўи, ыссылық  тармақлары, ақаба суў системаларының оңланыўына ерисиледи.

М.ПИРНАЗАРОВА,

Қарақалпақстан хабар агентлигиниң шолыўшысы