Қарақалпақстан Республикасы Мәҳәлле ҳәм шаңарақты қоллап-қуўатлаў министрлиги, министрликтиң Нөкис қалалық бөлими ҳәм 4-сектор басшылары Нөкис қаласындағы бир қатар мәкан пуқаралар жыйынларында әмелге асырылып атырған жумыслар менен танысты. Аймақ турғынлары менен ушырасыў өткерип, мүрәжатларын тыңлады.

Нөкис қаласындағы «Ақ жағыс» МПЖ да жасайтуғын Агафия Версенова турмыста қыйыншылық көрген инсанлардың бири екен. Бул пуқараның үйи май айында болған нөсер жаўыннан әдеўир зыянланып, баспанасыз қалған.

– Мәҳәллемизде жасайтуғын Агафия Версенованың жайы 1960-жыллары салынған,-дейди «Ақ жағыс» МПЖ баслығы Теңелбай Алланиязов. – Оның социаллық жәрдемге мүтәжлиги ҳәм бул жерде оған жәрдем қолын созатуғын ҳеш қандай туўысқанларының жоқ екенлиги себепли Мәҳәлле ҳәм шаңарақты қоллап-қуўатлаў министрлиги, 4-сектор басшыларының жәрдеминде көмек жолы менен жаңадан еки бөлмели үй тиклеп атырмыз.

Топар ағзалары «Нәўпир» МПЖ дағы «Темирши» көшесинде әмелге асырылып атырған абаданластырыў жумысларын, атап айтқанда, үй алды қыйтақ жерлеринен пайдаланыў жағдайын үйренди ҳәм көшелердеги турақ жайларды оңлаў, жап-салмаларды тазалаў, көгалландырыў жумыслары менен танысты. Мақсет – үйме-үй жүрип жәрдемге мүтәж шаңарақлардың турақ жайларын оңлаўға көмеклесиў, машқалаларын үйрениў болып есапланады.

Усы көшедеги қолы гүл шебер, бирақ ўақтынша жумыссыз отырған пуқара К.Утемуратоваға жуўапкер шөлкемлер тәрепинен тигиў машинасы саўға етилди. Соң «Байтерек» МПЖдағы бир қатар исбилерменлердиң жумысы үйренилди. Бир неше жумыссыз жаслар жумыс пенен тәмийинленди.

– 2017-жылды колледжди тамамлап, соннан берли жумыссыз едим. Енди аймағымыздағы автотранспортларға хызмет көрсетиў орайына жумысқа кирдим,-дейди Д.Дәрибаев.

Бул бағдардағы илажлар даўам етпекте.

 

Ә.Жиемуратов,

Қарақалпақстан хабар агентлиги