30-июнь күнинен баслап Нөкис қаласы аймағында «қызыл» аймаққа белгиленген барлық тәртип-қағыйдалар енгизиледи. Бул ҳаққында қала ҳәкимлигиниң баспасөз хызмети хабар берди.

 

Хабарда жазылыўынша, сол күннен баслап барлық жәмийетлик транспортлардың ҳәрекетлениўи, яғный қала иши, қала әтирапы, қалалар аралық қатнаўлар тоқтатылады.

 

Сондай-ақ, пуқаралардың өз жеке автотранспортынан пайдаланыў  ўақты да шекленеди (07:00 ден – 10:00 ге шекем, 17:00 ден – 20:00 ге шекем).

 

Қарақалпақстан хабар агентлиги.