Республикалық арнаўлы комиссияның қарарына муўапық, «сары» категориядағы аймақларда жөнелиссиз таксилерде жолаўшы тасыўға рухсат берилген.

 

Жөнелиссиз таксилерде жолаўшы тасыў ушын транспорт қуралы салонында басқарыўшының орынлығы жолаўшылардың орынлығынан реңсиз пластик ямаса арнаўлы плёнка менен тосылған, басқарыўшы ҳәм жолаўшы медициналық нықапта болғанда, сондай-ақ, жолаўшыларды автотранспорт қуралы салонының артқы орнына өткерилгенде тек ғана өз аймағы бойлап ҳәрекетлениўге рухсат бериледи. Ҳәрекетлениў ўақты 06:00 ден 22:00 ге шекем етип белгиленген.

 

Соның менен бирге, қарарға муўапық, «сары» категориядағы аймақларда шаштәрезхана ҳәм гөззаллық салонларының жумысларына да рухсат берилген.

Бунда хызмет көрсетиўши адамлар тәрепинен жеке қорғаныў қураллары – медициналық халат ямаса комбинезон, медициналық нықап (N 95 ямаса 2 дана әпиўайы нықап), жүзди толық тосып туратуғын қорғаныў нықабы ҳәм медициналық қолғаплардан пайдаланған ҳалда «1 хызмет көрсетиўши адам – 1 қарыйдарға» принципи тийкарында социаллық аралықты сақлаған ҳалда ислеўге рухсат бериледи.

 

Ислам Матеков,

Қарақалпақстан хабар агентлиги.