9-Май-Еслеў ҳәм қәдирлеў күни алдынан Өзбекстан  Халық демократиялық  партиясы тәрепинен усы  системада жемисли мийнет еткен жасы үлкен нураний, партияның «Нураныйлар» кеңеси ағзасы ҳәм белсендиси  Қ. Досназаровтың шаңарағында болып, ҳал-жағдайынан хабар алды.

Ушырасыўда  Қ. Досназаровтың узақ жыллар даўамында  ислеген хызметлери баҳаланып,  ӨзХДП орайлық  кеңеси баслығының  Ҳүрмет жарлығы ҳәм естелик саўғасы тапсырылды.

Сондай-ақ, илаж даўамында Халық депутатлары районлық  кеңес  депутаты Б. Пиримбетованың  депутатлық сораўының  жуўабын  әмелге асырыў мақсетинде, А. Досназаров АПЖ  турғыны 1939-жылы туўылған Рзамбетова Улзипа апаға  ҳаса таяқ пенен майыплар арбашасы апарып берилди.

Усылар менен бир қатарда ӨзХДП Республикалық  кеңеси ҳәм  Қараөзек районлық  кеңеси тәрепинен  аймақтағы 20-санлы шаңарақлық  поликлиникада  «Саламат ана-саламат шаңарақ»  атамасында илаж өткерилип, онда аймақтағы ҳаял-қызлар медициналық  тексериўден өткерилди ҳәм кесиллиги анықланған  ҳаял-қызлар бийпул дәри-дәрмақлар менен тәмийинленди.

Адилбай Оразов,

Қарақалпақстан хабар агентлиги