Қарақалпақстан Республикасы Денсаўлықты сақлаў министрлиги  жыл басынан берли  бир қатар мәмлекетлер менен медицина тараўында бирге ислесиўлерди әмелге асырып келмекте.

Сырт елдеги тәжирийбели қәнигелер  менен бирге ислесиў нәтийжесинде жергиликли шыпакерлердиӊ сырт мәмлекетлерде тәжирийбе алмасыўы ҳәм грант жойбарларында қатнасыўы ушын кеӊнен жол ашылмақта.
Тез медициналық жәрдем орайы  Қарақалпақстан Республикасы филиалына Корея Республикасы Денсаўлықты сақлаў ҳәм халықты социаллық қорғаў министрлиги жанындағы шөлкемниӊ (KOFIH) қәнигелери қурамынан дүзилген делегация ағзалары хызмет сапары менен келди.

Бул хызмет сапарыныӊ мақсети тийкарында Өзбекстан Республикасы Денсаўлықты сақлаў министрлиги –Корея Республикасы (KOFIH) шөлкеми менен биргеликте “Емлеўханаларда қыстаўлы тез жәрдем жумысларыныӊ нәтийжелилигин арттырыў” атамасында бағдарлама әмелге асырылмақта.


Сапар даўамында мийманлар  Қарақалпақстан Республикасы  Денсаўлықты сақлаў министрлигинде болды ҳәм бул жерде оларды министрдиӊ биринши орынбасары А.Асқаров күтип алып, сәўбетлесиўлер алып барды. Бул жерде әмелге асыратуғын жумыслар ҳәм медицина тараўы хызметкерлери менен болып өтетуғын ушырасыўлар ҳаққында сөз етилди.

Қарақалпақстан хабар агентлиги