27-июнь — Баспасөз ҳәм ғалаба хабар

қураллары хызметкерлери күни

Қарақалпақстан Республикасы Министрлер Кеңесинде 27-июнь-Баспасөз ҳәм ғалаба хабар қураллары хызметкерлери күнине бағышланған видеобайланыс тәризинде мәжилис болып өтти.

Илажды «Еркин Қарақалпақстан»-«Вести Каракалпакстана» газеталарының Бас редакторы, Өзбекстан Журналистлери дөретиўшилик аўқамы Қарақалпақстан бөлиминиң баслығы К.Реймов басқарып барды.

Қарақалпақстан Республикасы Жоқарғы Кеңесиниң комитет баслығы Д.Қурбаниязов Жоқарғы Кеңес ҳәм Министрлер Кеңесиниң Баспасөз ҳәм ғалаба хабар қураллары хызметкерлерине жоллаған байрам қутлықлаўын оқып еситтирди.

Атап өтилгениндей, бүгинги тез пәтлер менен өзгерип атырған дәўирде  дүнья мәмлекетлеринде ҳәм елимизде болып атырған жаңалықларды халқымызға оператив түрде жеткериў, ҳәр қандай мәселе бойынша кең жәмийетшиликтиң пикирин оятатуғын материаллар таярлаў, мәмлекетлик басқарыў уйымлары менен халық арасында беккем байланыс орнатыў, жасларымызда ана Ўатанымызға деген садықлық сезимлерин күшейтиў ҳәм олардың қәлбинде миллий мақтаныш сезимлерин оятыў журналистлерге айрықша жуўапкершилик жүклейди.

Елимиздиң жәмийетлик-сиясий, социаллық-экономикалық турмысында жүргизилип атырған реформалар, өзгерислер менен жаңаланыўлар ҳаққында халқымызды өз ўақтында хабардар етиў, жәмийет турмысында ушырасып атырған мәселе ҳәм машқалаларды үйрениў ҳәм оларға унамлы шешим  табыў жолында алып барып атырған дөретиўшилик мийнет ҳәр қашан жоқары баҳаланып келинген.

Байрам мүнәсибети менен Президентимиздиң Баспасөз ҳәм ғалаба хабар қураллары хызметкерлерине жоллаған байрам қутлықлаўында соңғы жыллары тараўда жүз берген өзгерислер, жаңаланыўлар ҳәм ерисилген нәтийжелер менен бир қатарда, алда турған оғада әҳмийетли мәселелерге итибар қаратылды. Усы жылы «Тахтакөпир таңы» газетасының жарық көргенине 75, «Хожели ҳақыйқаты» газетасына 70 жыл толыўы-миллий журналистикамыздың мүнәсип раўажланыў басқышларынан өткенлигин  және бир мәрте дәлиллейди.

Өткен 2019-жыл баспасөз ҳәм мәлимлеме тараўы ушын оғада әҳмийетли жыл болды. Президентимиз тәрепинен  тараўды раўажландырыў мақсетинде қабыл етилген пәрман ҳәм қарарлар ғалаба хабар қураллары  хызметкерлерине болған итибардың күшейип атырғанлығынан дәрек береди. Атап айтқанда, Өзбекстан Республикасы Президенти тәрепинен 2019-жыл 27-июньде қабыл етилген «Ғалаба хабар қуралларының еркинлигин тәмийинлеў және мәмлекетлик уйымлар ҳәм шөлкемлердиң мәлимлеме хызметлериниң жумысын раўажландырыў бойынша қосымша илажлар ҳаққында»ғы қарары буның айқын дәлийли болып табылады. Усы қарар тийкарында Қарақалпақстан Республикасындағы 17 ҳәкимликте, 9 министрликте, 16 комитет ҳәм басқармада, 8 жоқары оқыў орнында мәлимлеме хызмети басшысы лаўазымы енгизилип, бүгинги күнде шөлкемлескенлик пенен жумыс алып бармақта.

Илажда Қарақалпақстан Республикасы Мәлимлеме ҳәм ғалаба коммуникациялар басқармасы баслығы А.Бекмуратов, «Тахтакөпир таңы» газетасының редакторы Г.Дәўлетмуратова, Өзбекстан Республикасына мийнети сиңген мәденият хызметкери Я.Қошқаров ҳәм басқалар, елимизде Президентимиздиң басшылығында баспасөз ҳәм ғалаба хабар қураллары тараўының материаллық-техникалық базасын беккемлеў, тараў хызметкерлериниң мийнетин хошаметлеў бойынша әмелге асырылып атырған илажлар, сондай-ақ, алда турған жуўапкерли ўазыйпаларға тоқтап өтти.

-Елимиз басшысының Баспасөз ҳәм ғалаба хабар қураллары хызметкерлерине жоллаған байрам қутлықлаўы бизге және де жуўапкершилик жүклейди,-дейди «Жылдың ең белсенди журналисти-2020» республикалық таңлаўының жеңимпазы, «Еркин Қарақалпақстан» газетасының өз хабаршысы Қонысбай Реймов.-Әсиресе, елимиз ушын жуўапкерли сынаўлы күнлерде ғалаба хабар қураллары хызметкерлеринен қалыслық ҳәм ҳақыйқатлық пенен жумыс алып барыў талап етиледи.

Байрам мүнәсибети менен баспасөз ҳәм ғалаба хабар қураллары тараўының бир топар пидайы хызметкерлерине Ҳүрмет жарлықлары менен сыйлы саўғалар тапсырылды.

Илажға Қарақалпақстан республикасы Министрлер Кеңеси Баслығының орынбасары М.Жуманов қатнасты.

Байрамға бағышланған бундай илажлар карантин қағыйдалары сақланған ҳалда барлық қала ҳәм районларда болып өтти.

 

Д.АБИБУЛЛАЕВ,

Қарақалпақстан хабар агентлигиниң шолыўшысы