Нөкис қаласында 61 мәкан пуқаралар жыйыны бар. Бүгинги күнде ҳәр бир аймақта «Жанажан журтым абатлығына өз үлесимди қосаман!» сүрени астында абаданластырыў жумыслары қызғын алып барылмақта.

«Абат шаңарақ», «Абат көше», «Абат мәҳәлле» ҳәрекети шеңберинде әмелге асырылып атырған жумыслардың барысы менен танысыў мақсетинде Мәҳәлле ҳәм шаңарақты қоллап-қуўатлаў министрлиги тәрепинен ушырасыў өткерилди. Онда пайтахттың 3-секторына қараслы 11 мәкан пуқаралар жыйынларының баслықлары қатнасты.

Қарақалпақстан Республикасы Мәҳәлле ҳәм шаңарақты қоллап-қуўатлаў министри С.Турманов ҳәм басқалар шығып сөйлеп, биринши гезекте мәҳәлле ақсақаллары, аймақтағы көше бийлери, нуранийлер менен тығыз байланыста болып ҳәр бир шаңарақты абаданластырыў бойынша үгит-нәсият жумысларын еле де күшейтиў зәрүрлигин атап өтти.

Шаңарақларды, көшелерди, мәҳәллелерди абаданластырыў жумысларының жағдайы додаланып, оның нәтийжелилигин арттырыў бойынша пикир-усыныслар билдирилди.

Атап өтилгениндей, социаллық қоллап-қуўатлаўға мүтәж, кем тәмийинленген шаңарақлардың турақ жайларын оңлаўға жәрдем бериў ҳәм машқалаларын үйрениўде қолы ашық исбилерменлерди, қәўендерлерди тартыў керек.

Тилекке қарсы бул жумыслар тек пуқаралардың өзин-өзи басқарыў уйымлары баслықларының жумысы деўшилер де арамыздан табылады. Сол себепли айырым орынларда тазалықты сақлаў бойынша машқалалар да ушыраспақта. Бул кемшиликлерди сапластырыўда жуўапкер мәкемелер менен бирге ислесиў мақсетке муўапық.

Ушырасыўда 3-секторға тийисли аймақларда алып барылған рейд жумыслары туўралы мағлыўмат берилди. Бир қатар мәкан пуқаралар жыйынлары аймағында орын алған кемшиликлер атап өтилип, оларды сапластырыў бойынша ўазыйпалар белгилеп алынды.

 

Қарақалпақстан хабар агентлиги