Қарақалпақстан Республикасы Министрлер Кеңесинде 27-июнь – Баспасөз ҳәм ғалаба хабар қураллары хызметкерлери күни мүнәсибети менен карантин қағыйдаларына әмел етилген ҳалда илаж өткерилди.

Видеоконференцбайланыс тәризинде өткерилген илажда баспасөз ҳәм ғалаба хабар қураллары хызметкерлери, тараў ветеранлары, сондай-ақ, қала ҳәм район ҳәкимликлери студияларында ҳәкимлик ўәкиллери ҳәм журналистлер қатнасты.

Қарақалпақстан Республикасы Жоқарғы Кеңесиниң комитет баслығы Д.Қурбаниязов Баспасөз ҳәм ғалаба хабар қураллары хызметкерлерине Қарақалпақстан Республикасы Жоқарғы Кеңеси менен Министрлер Кеңесиниң байрам қутлықлаўын оқып еситтирди.

Илажда Қарақалпақстан Республикасы Журналистлер аўқамының баслығы, “Еркин Қарақалпақстан” ҳәм “Вести Каракалпакстана” газеталарының бас редакторы К.Реймов, Қарақалпақстан Республикасы Мәлимлеме ҳәм ғалаба коммуникациялар басқармасы баслығы А.Бекмуратов, “Қорақалпоғистон тонги” газетасының бас редакторы Н.Матяқубова, Тахтакөпир районы ҳәкимлиги мәлимлеме хызмети басшысы, “Тахтакөпир таңы” газетасының бас редакторы Г.Дәўлетмуратова ҳәм басқалар сөзге шығып, Ҳүрметли Президентимиз басшылығында елимиз раўажланыўдың жаңа басқышларына көтерилип атырған бүгинги күнде барлық тараўларда алып барылып атырған реформалардың мазмун-мәнисин ҳәмде әҳмийетин халқымызға кеӊнен үгит-нәсиятлаўда, инсанларды ийгиликли мақсетлер әтирапында жәмлестириўде, тыныш ҳәм абадан турмысымыз, перзентлеримиздиң бахытлы келешеги, елимиздиң буннан былай да раўажланыўын тәмийинлеўде баспасөз ҳәм ғалаба хабар қуралларының әхмийетин арттырыў ҳәм оларды ҳәр тәреплеме қоллап-қуўатлаўға айрықша итибар қаратылып атырғанлығын атап өтти.

Себеби, бүгинги тез пәтлер менен өзгерип атырған дәўирде дүнья мәмлекетлеринде ҳәм елимизде болып атырған жаңалықларды халқымызға оператив түрде жеткериў, мәмлекетлик басқарыў уйымлары менен халық арасында беккем байланысты орнатыў, елимиздиң жәмийетлик-сиясий, социаллық-экономикалық турмысында жүргизилип атырған реформалар, өзгерислер менен жаңаланыўлар ҳаққында халқымызды өз ўақтында хабарландырыў, инсанлар өмиринде ушырасып атырған мәселе ҳәм машқалаларды үйрениў ҳәм оларға унамлы шешим табыўда баспасөз ҳәм ғалаба хабар қураллары хызметкерлериниң орны гиреўли.

Қарақалпақстан Республикасында ҳәзирги ўақытта 40 газета, 8 журнал, 1 хабар агентлиги, 5 телевидение ҳәм 2 радио, бир қанша интернет сайтлары жумыс алып бармақта. Бул ғалаба хабар қуралларының ҳәр бири халқымызға сапалы ҳәм анық мағлыўматларды тезлик пенен жеткериўде тынымсыз мийнет етпекте.

Өткен 2019-жыл баспасөз тараўы ушын оғада әҳмийетли жыл болды. Ҳүрметли Президентимиз тәрепинен тараўды раўажландырыў мақсетинде қабыл еткен пәрман ҳәм қарарлары тараў хызметкерлерине болған итибардың күшейип атырғанлығынан дәрек береди.

Атап айтқанда, Өзбекстан Республикасы Президенти тәрепинен 2019-жылдың 27-июнь күни қабыл етилген «Ғалаба хабар қуралларының бийғәрезлигин тәмийинлеў ҳәм мәмлекетлик уйымлар ҳәм шөлкемлердиң мәлимлеме хызметлериниң жумысын раўажландырыў бойынша қосымша илажлар ҳаққында»ғы қарары буның айқын дәлили бола алады.

Усы қарар тийкарында Қарақалпақстан Республикасындағы 17 ҳәкимликте, 9 министрликте, 16 комитет ҳәм басқармаларда, 8 жоқары оқыў орнында мәлимлеме хызмети басшысы лаўазымы енгизилип, бүгинги күнде шөлкемлескенлик пенен жумыс алып бармақта.

Айрықша атап өтиў тийис, пүткил дүнья мәмлекетлерин тәшўишке салған коронавирус пандемиясы халқымызды сыннан өткерип атырған бүгинги күнде Ҳүрметли Президентимиз тәрепинен қабыл етилген пәрман ҳәм қарарлардың, ҳүкиметимиз тәрепинен ислеп шығылған ҳуқықый ҳүжжетлер менен бағдарламалардыӊ мазмун-мәнисин халыққа өз ўақтында жеткериўде, инсанлардыӊ денсаўлығын қорғаў, оларды социаллық қоллап-қуўатлаў, бәнтлигин тәмийинлеў, пандемия тәсирин жумсартыў, экономика тармақларыныӊ жумысларын тиклеў, исбилерменлерди қоллап-қуўатлаў бағдарында алып барылып атырған кең көлемли жумысларды үгит-нәсиятлаўда, халқымызды сергекликке шақырыўда баспасөз ҳәм ғалаба хабар қураллары хызметкерлериниң орны салмақлы болмақта.

Илажда «Тахтакөпир таңы» газетасынының жарық көргенине 75 жыл, «Хожели ҳақыйқаты» газетасына 70 жыл толыўы мүнәсибети менен усы газеталар редакцияларына, сондай-ақ, бир қатар баспасөз, телевидение ҳәм радио, интернет журналистикасы, мәлимлеме хызмети, баспахана хызметкерлерине Қарақалпақстан Республикасы Жоқарғы Кеңеси менен Министрлер Кеңеси атынан баҳалы саўғалар тапсырылды.

Соның менен бир қатарда, Қарақалпақстан Республикасы Мәлимлеме ҳәм ғалаба коммуникациялар басқармасы тәрепинен де бир топар мәлимлеме хызмети басшыларына естелик саўғалары берилди.

Бундай илажлар республикамыз қала ҳәм районларында да шөлкемлестириўшилик пенен өткерилди.

 

Қарақалпақстан Республикасы Жоқарғы Кеңесиниң баспасөз хызмети