Қәдирли дослар!

Ең дәслеп, барлық журналистлерди, ғалаба хабар қураллары ўәкиллерин, тараў ветеранларын кәсиплик байрамы – Баспасөз ҳәм ғалаба хабар қураллары хызметкерлери күни менен Қарақалпақстан Республикасы Жоқарғы Кеңеси ҳәм Министрлер Кеңеси атынан қызғын қутлықлаймыз.

Бүгинги тез пәтлер менен өзгерип атырған дәўирде дүнья мәмлекетлеринде ҳәм елимизде болып атырған жаңалықларды халқымызға оператив түрде жеткериў, ҳәр қандай мәселе бойынша кеӊ жәмийетшиликтиӊ пикирин оятатуғын материаллар таярлаў, мәмлекетлик басқарыў уйымлары менен халық арасында беккем байланысты орнатыў, жасларымызда ана-Ўатанымызға деген садықлық сезимлерин күшейтиў ҳәм олардыӊ қәлбинде миллий мақтаныш сезимлерин оятыў Сиз журналистлерге үлкен жуўапкершилик жүклейтуғынын терең аӊлаймыз.

Елимиздиң жәмийетлик-сиясий, социаллық-экономикалық турмысында жүргизилип атырған реформалар, өзгерислер менен жаңаланыўлар ҳаққында халқымызды өз ўақтында хабарландырыў, инсанлар өмиринде ушырасып атырған мәселе ҳәм машқалаларды үйрениў ҳәм оларға унамлы шешим табыў жолында алып барып атырған дөретиўшилик мийнетлериңизди жоқары баҳалаймыз.

Бүгинги байрам алдынан Ҳүрметли Президентимиздиӊ баспасөз ҳәм ғалаба хабар қураллары хызметкерлерине жоллаған қутлықлаўында соӊғы жыллары тараўда жүз берген өзгерислер, жаӊаланыўлар ҳәм ерисилген нәтийжелер менен бир қатарда, алда турған оғада әҳмийетли мәселелерге айрықша итибар қаратылды.

Ҳақыйқатында да, ҳәзирги ўақытта мәмлекет ҳәм жәмийет арасындағы сапалы пикирлесиўди жолға қойыўда, мәмлекетлик ҳәм хожалық басқарыў уйымлары жумысларының ашық-айдынлығын тәмийинлеўде қалыслық ҳәм ҳақыйқатлық өлшемлерине әмел етиўимиз тийис.

Себеби тараўларда жүргизилип атырған реформалардың мақсет ҳәм ўазыйпалары, оныӊ нәтийжелери ҳаққында кеӊ жәмийетшиликке оператив, қалыс ҳәм толық мәлимлеме жеткериў, тартымлы темалар дөгерегинде излениў, материаллар таярлаўда исенимли дәреклерге сүйениў, эфир мәдениятын тәмийинлеў, кәсиплик этикаға итибар қаратыў бүгинги күндеги әҳмийетли ўазыйпалардан саналады.

Елимиз раўажланыўдың жаңа басқышларына көтерилип атырған бүгинги күнде барлық тараўларда алып барылып атырған реформалардың мазмун-мәнисин ҳәмде әҳмийетин халқымызға кеӊнен үгит-нәсиятлап, инсанларды ийгиликли мақсетлер әтирапында жәмлестирип, тыныш ҳәм абадан турмысымыз, перзентлеримиздиң бахытлы келешеги, елимиздиң буннан былай да раўажланыўы жолында пидайылық көрсетесизлер, деп беккем исенемиз.

Өзлериӊиз жақсы билесизлер, быйылғы жылы жәҳән мәмлекетлеринде кеӊнен тарқалған коронавирус пандемиясы дүнья халықларын, соныӊ ишинде ўатанласларымызды да үлкен сыннан өткермекте.

Усындай сынаўлы күнлерде Ҳүрметли Президентимиз тәрепинен қабыл етилген пәрман ҳәм қарарлардың, ҳүкиметимиз тәрепинен ислеп шығылған ҳуқықый ҳүжжетлер менен бағдарламалардыӊ мазмун-мәнисин халыққа өз ўақтында жеткериўде, инсанлардыӊ денсаўлығын қорғаў, оларды социаллық қоллап-қуўатлаў, бәнтлигин тәмийинлеў, пандемия тәсирин жумсартыў, экономика тармақларыныӊ жумысларын тиклеў, исбилерменлерди қоллап-қуўатлаў бағдарында алып барылып атырған кең көлемли жумысларды үгит-нәсиятлаўда, халқымызды сергекликке шақырыўда орныӊыз салмақлы екенин айрықша атап өтемиз.

Мәмлекетлик ҳәкимият уйымлары, мәмлекетлик ҳәм хожалық басқарыў уйымлары, республикалық әҳмийеттеги мәкеме ҳәм басқа да мәмлекетлик ҳәм мәмлекетлик емес шөлкемлерде мәлимлеме хызметиниӊ шөлкемлестирилгени усындай жуўапкерли ўазыйпаны әмелге асырыўда әҳмийетли орын тутпақта.

Быйылғы жылы «Тахтакөпир таңы» газетасынының жарық көргенине 75 жыл, «Хожели ҳақыйқаты» газетасына 70 жыл толыўы – миллий журналистикамыздың мүнәсип раўажланыў басқышларынан өткенин және бир мәрте дәлиллейди.

Ҳүрметли баспасөз ҳәм ғалаба хабар қураллары хызметкерлери!

Сизлерди кәсиплик байрамыңыз бенен және бир мәрте қызғын қутлықлап, бәршеңизге беккем денсаўлық, шаңарақларыңызға аманлық, дөретиўшилик жумысларыңызда тасқын табыслар тилеймиз.

 

Қарақалпақстан Республикасы

Жоқарғы Кеңесиниң Баслығы                                                                 М.Ерниязов

 

Қарақалпақстан Республикасы

Министрлер Кеңесиниң Баслығы                                                           Қ.Сариев