Инновациялық раўажланыў министрлигинде Халықаралық пресс-клубтың гезектеги сессиясы болып өтти. Онда Бирлескен Миллетлер Шөлкеми ҳәм оның қәнигелескен мәкемелери менен бирге ислесиўди раўажландырыў бойынша Ҳәрекетлер режеси додалаў орайында болды.

Илаж Олий Мажлис Сенаты, Сыртқы ислер министрлиги ҳәм БМШтың Өзбекстандағы ўәкилханасы менен биргеликте шөлкемлестирилди.

Өзбекстан БМШтың толық ҳуқықлы ағзасы, сондай-ақ, 2015-жыл сентябрьде БМШқа ағза барлық 193 мәмлекет тәрепинен қабыл етилген 2030-жылға шекемги дәўирде турақлы раўажланыў тараўындағы күн тәртибине қол қойған тәреп сыпатында қәўипсиз ҳәм саламат планетада барлық адамлар ушын теңлик, раўажланыў, қәдир-қымбат ҳәм әдиллик ҳүким сүретуғын тынышлыққа умтылыў бойынша глобаллық миннетлемелерди өз мойнына алады.

Олий Мажлис Сенаты Баслығының биринши орынбасары Содиқ Сафоев БМШ ҳәм оның қәнигелескен мәкемелери менен бирге ислесиўди раўажландырыў бойынша қабыл етилген «Жол картасы»ның мақсети ҳаққында айтты. Соның менен бирге, БМШ ҳәм оның системасындағы мәкемелер менен миллий, регионаллық ҳәм глобаллық көлемдеги шериклик байланысларын буннан былай да жеделлестириў ҳәм кеңейтиў бағдарындағы режелерге тоқтап өтилди.

– Быйылғы жылы шөлкемниң 75 жыллығы белгиленбекте. Өткен жыллар даўамында адамзат қандай жетискенликлерге ерискен болса, онда шөлкемниң орны әҳмийетли. Усы жағынан БМШ ҳәм оның қәнигелескен мәкемелери менен бирге ислесиўди раўажландырыў оғада әҳмийетли. Бирге ислесиўди жаңа дәрежеге көтериў бойынша Ҳәрекетлер режеси (жол картасы) ислеп шығылды. «Жол картасы» 17 бағдарды өз ишине алады. Бул, сондай-ақ, мәмлекетимиз басшысының сыртқы сиясий басламалары, регионаллық қәўипсизлик ҳәм турақлылықты тәмийинлеўге қаратылған усынысларын өз ишине алады. Және бир әҳмийетли тәрепи сонда, ендигиден былай Ҳәрекетлер режесине муўапық, БМШ институтларында жумыс алып барыў ушын Өзбекстан да өз талабанларын киргизиў имканиятына ийе болады. Алдын не ушын дүнья жүзи көлеминдеги халықаралық абырайлы шөлкемлерде бизлердиң кадрлар жумыс ислемейди, деген пикир ойландыратуғын еди.

Ҳәрекетлер режеси барлық, әсиресе, жәмийеттиң ең әззи ҳәм мүтәж қатламы ушын инсан потенциалын раўажландырыўға жәрдемлесиў мақсетинде миллий, регионаллық ҳәм глобаллық дәрежелерде БМШ системасы менен бирге ислесиў қатнасықларын тереңлестириў ҳәм беккемлеўге қаратылған.

2020-жылы БМШқа тийкар салынғанына 75 жыл толады. Бул юбилей жылында көп тәреплеме көзқарасларға садықлық белгиси сыпатында Өзбекстан ҳүкимети усы Ҳәрекетлер режесин қабыл етеди.

– Бул Ҳәрекетлер режеси Өзбекстанның көп тәреплеме қатнасықларға садықлығының әҳмийетли көриниси болып есапланады, соның менен бирге глобаллық аўызбиршилик ҳәр қашанғыдан да көбирек талап етиледи. Бул Ҳәрекетлер режеси Өзбекстан ҳәм БМШ бирге ислесиўин жаңа басқышға алып шығыўға жәрдем береди, деп ойлайман. Буннан тысқары, усы ҳүжжеттиң БМШ Режеси күни алдынан қабыл етилиўи символикалық мәниске ийе. Буннан 75 жыл бурын, 26-июнь күни Бирлескен Миллетлер Шөлкеминиң Режесине қол қойылған еди, оған бола дүньяның барлық мәмлекетлерине тынышлық, турақлы раўажланыў ҳәм инсан ҳуқықлары ушын биргеликте ис-ҳәрекетлерди әмелге асырыў миннетлемеси жүкленди, – дейди БМШтың Өзбекстандағы турақлы ўәкили Хелена Фрейзер.

Ҳәрекетлер режеси ҳүкиметке барлық инсанлар, әсиресе, ең әззи ҳәм мүтәж адамлардың потенциалын раўажландырыўға жәрдемлесиў, тыныш, раўажландыратуғын, турақлы ҳәм беккем дүнья жаратыў мақсетинде миллий, регионаллық ҳәм глобаллық дәрежелерде БМШ системасы менен бирге ислесиў қатнасықларын тереңлестириў ҳәм беккемлеў миннетлемесин жүклейди.

Сессияда БМШ ҳәм Өзбекстанның инсан ҳуқықлары тараўындағы бирге ислесиўи нәтийжелери, Өзбекстанда ҳәр қыйлы тараўлардағы реформаларды әмелге асырыўда БМШ ҳәм оның қәнигелескен шөлкемлериниң имканияты мәселелери де дыққат орайында болды.

 

Нурилло НАСРИЕВ,

ӨзАның хабаршысы