27-июнь – Баспасөз ҳәм ғалаба

хабар қураллары хызметкерлери күни

Өзбекстан Республикасы Президентиниң Қарақалпақстан Республикасындағы Халық қабыллаўханасында 27-июнь – Баспасөз ҳәм ғалаба хабар қураллары хызметкерлери күни мүнәсибети менен илаж болып өтти.

Онда Халық қабыллаўханасының баслығы С.Худайбергенов ҳәм басқалар шығып сөйлеп, жыйналғанларды кәсиплик байрам менен қутлықлады.

Атап өтилгениндей, Президентимиздиң басшылығында бүгинги күни елимизде халықтың күнделикли машқалаларын шешиў, олардың бүгинги күннен разы болып жасаўы ушын барлық шараятлар жаратылмақта. Бунда елимиз басшысы тәрепинен алға қойылған «Халық мәмлекетлик уйымларға емес, ал, мәмлекетлик уйымлар халыққа хызмет етиўи керек»,-деген турмыслық припцип өзиниң әмелдеги көринисин таппақта. Усы көз-қарастан қарағанда Өзбекстан Республикасы Президентиниң орынлардағы Халық қабыллаўханалары тәрепинен алып барылып атырған жумыслар дыққатқа ылайықлы. Бул жумыслар әлбетте, ғалаба хабар қуралларының ўәкиллери менен биргеликте әмелге асырылмақта. Себеби, өткерилип атырған ҳәр бир илаж оперативлилик пенен ғалаба хабар қураллары арқалы жәрияланып барылмақта.

Илажда Өзбекстан Миллий ахборот агентлигиниң Қарақалпақстан Республикасы бойынша шолыўшысы Д.Абибуллаев, Қарақалпақстан телерадиокомпаниясы директорының орынбасары Н.Жақсымуратовалар шығып сөйлеп, ғалаба хабар қураллары хызметкерлерине көрсетилип атырған итибары ушын миннетдаршылық билдирди ҳәм алдағы ўақытлары да бунда бирге ислесиў даўам ететуғынлығын атап өтти.

Илаж соңында бир топар ғалаба хабар қураллары ўәкиллерине диплом ҳәм естелик саўғалары тапсырылды.

 

Қарақалпақстан хабар агентлиги