Бизге қарақалпақ тили ҳәм әдебияты бакалавр бағдарларына оқыўға тапсырыў нийетинде болған көплеген абитуриентлер, олардың ата-аналары, әсиресе, усы пәнлер бойынша репититорлық пенен шуғылланып атырған педагоглардан көплеген сораўлар келип түспекте. Биз усы сораўлар дөгерегинде изленип, төмендегилерди анықластырдық.
Улыўма қарақалпақ тили ҳәм әдебияты бакалавр бағдары Өзбекстан бойынша 3 жоқары оқыў орнында ашылған:
1) Қарақалпақ мәмлекетлик университети;
2) Нөкис мәмлекетлик педагогикалық институты;
3) Наўайы мәмлекетлик педагогикалық институты.
Қарақалпақ мәмлекетлик университетинде қарақалпақ тили ҳәм әдебияты бакалавр бағдарының толық атамасы «5120100 – Филология ҳәм тиллерди оқытыў: қарақалпақ тили» деп көрсетилген.
Өзбекстан Республикасы билимлендириў мәкемелерине оқыўға қабыллаў бойынша Мәмлекетлик комиссиясының 2020-жыл 1-санлы протоколы тийкарында қабыл етилген тест сынақлары тапсырылатуғын пәнлер комплекси бойынша ҚМУдың «5120100 – Филология ҳәм тиллерди оқытыў: қарақалпақ тили» бакалавр бағдарының тест блоклары төмендегише:
1-блок: Қарақалпақ тили ҳәм әдебияты;
2-блок: Шет тили.
Усы ҳүжжет бойынша Нөкис мәмлекетлик педагогикалық институты ҳәм Наўайы мәмлекетлик педагогикалық институтының «5111300 – Ана тили ҳәм әдебияты: қарақалпақ тили ҳәм әдебияты» бакалавр бағдарына қабыллаўда болса төмендеги пәнлерден тест өткерилиўи көрсетип өтилген:
1-блок: Қарақалпақ тили ҳәм әдебияты;
2-блок: Тарийх.
Быйылғы жылы абитуриентлердиң бир ўақыттың өзинде пәнлер избе-излиги туўра келетуғын 5 бағдарға өткерилетуғын таңлаўда қатнаса алатуғынын есапқа алсақ, қарақалпақ тили ҳәм әдебияты бакалавр бағдарына ҳүжжет тапсыратуғын абитуриентлер ушын бул имканият бираз азаятуғынын көриўимиз мүмкин.
Анықлаў етип айтқанда, биринши бағдары сыпатында ҚМУдың қарақалпақ тили бағдарына ҳүжжет тапсырған абитуриент, екинши ҳәм үшинши бағдары сыпатында НМПИ ҳәм Наўайы МПИдиң қарақалпақ тили ҳәм әдебияты бағдарларын сайлай алмайды. Өйткени, пәнлер избе-излиги туўра келмейди.
Биз усы мәселеге анықлық киргизиў мақсетинде Мәмлекетлик тест орайының abitur.dtm.uz сайты арқалы ҳүжжет тапсырып көрдик. Нәтийже төмендегише болды.
Егер абитуриент ҚМУдың «5120100 – Филология ҳәм тиллерди оқытыў: қарақалпақ тили» бакалавр бағдарын биринши бағдар сыпатында сайласа, екинши бағдары сыпатында ҚМУдың «Баспахана жумысы (өзбекше атамасы «Ноширлик иши»)» бағдарын сайлай алады. Үшинши, төртинши ҳәм бесинши бағдарларды сайлай алмайды, бос кетеди. Өйткени, пәнлер избе-излиги басқа бағдарларға туўра келмейди.
Ал, абитуриент НМПИдиң «5111300 – Ана тили ҳәм әдебияты: қарақалпақ тили ҳәм әдебияты» бакалавр бағдарын биринши бағдар сыпатында сайласа:
Екинши бағдар сыпатында Наўайы МПИдиң «Ана тили ҳәм әдебияты: қарақалпақ тили ҳәм әдебияты»;
Үшинши бағдар сыпатында ҚМУдың «5151700 – Мәденият ҳәм көркем өнер мәкемелерин шөлкемлестириў ҳәм басқарыў» бағдарының қарақалпақ топарын;
Төртинши бағдар сыпатында Өзбекстан мәмлекетлик көркем өнер ҳәм мәденият институты Нөкис филиалының «5151700 – Мәденият ҳәм көркем өнер мәкемелерин шөлкемлестириў ҳәм басқарыў» бағдарының қарақалпақ топарын сайлай алады.
Бесинши бағдар болса, бос кетеди. Себеби, пәнлер избе-излиги басқа бакалавр бағдарларына сәйкес келмейди.
Ислам Матеков,
Қарақалпақстан хабар агентлигиниң шолыўшысы.